Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:15:51, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КЕЎЛИ ҒӘЗИЙНЕ, ЗИБАНЫ БҮЛБИЛГӨЯ ШАЙЫР»

Жақында усы атамада Нөкис қаласы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының Бас редакторы Халила Дәўлетназаров пенен ушырасыў кешеси болып өтти. Кешени мектеп директоры Замира Бегжанова ашып берди.

Қатнасыўшылар шайырдың өмир жолы, әдебият әлемине кирип келиўи, қыссаханлық өнери, дөретиўшилиги менен жақыннан танысты ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Муҳаббат ҳәм арнамыс жыршысы, шебер қәлем ийеси Х.Дәўлетназаров көплеген китаплардың авторы. Оның шығармалары инсанға руўхый азық бағышлаўы менен бирге үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе.

Кешеде шайыр қәлемине тийисли дөретпелер мектеп оқыўшылары тәрепинен көркем оқылып, поэмалары, намалы қосықлары атқарылды. Әсиресе, 7-класс оқыўшысы Ф.Әбдимуратовтың атқарған «Аллаяр Досназаров монологы. Мен сизлерге Стан әпердим», 9-класс оқыўшысы А.Зарипов атқарған «Ерназар Алакөз монологы» тәсирли оқылып, кеўиллерди елжиреткен болса, шайырдың өзи қыссаханлық жолына салып оқыған қосықлары кеше қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.

Әдебий кеше соңында шайыр мектеп музейин көзден өткерди ҳәм өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Ләззет КАМАЛОВА,

Нөкис қалалық 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ

тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

СҮЎРЕТТЕ: ушырасыў кешесинен көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF