«IMZO» КӘРХАНАСЫ: ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ИННОВАЦИЯЛАР ҲӘМ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫ ЕНГИЗИЎ БАҒДАРЫНДА
Президентимиздиң 2021-жыл 29-июльдеги қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында Ташкент қаласындағы ири исбилерменлик субъектлери тәрепинен экологиялық инновациялар ҳәм технологияларды енгизиўге қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар исилажлар алып барылмақта.
Хабарыңыз болса керек, сол тийкарда 2021-жылы декабрь айында Нөкис қаласында айна ҳәм есик конструкцияларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген «IMZO» компаниясының филиалы өз жумысын баслаған еди. Президентимиз Ш.Мирзиёев 23-24-февраль күнлери аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис қаласындағы «IMZO» компаниясы филиалында болып, кәрхананың жумыс процеси менен танысып, өнимлерди көзден өткерди. Әлбетте, бул жерде таярланатуғын өнимлер қурылыс базарында өзиниң мүнәсип орнын ийелеген.
Жақында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «IMZO» пластикалық есик ҳәм рамалар кәрханасын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде республикамыздағы баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. Айтып өтиўимиз керек, бул жойбар ушын «Жаңа базар» мәҳәллеси аймағынан 4,2 гектар жер ажыратылып, заманагөй имаратлар қурылған. Заманагөй әсбап-үскенелер орнатылып, инженеркоммуникациялық тармақлар тартылған. Кәрхана жәми 270 мың кв.м есик ҳәм айна рамаларын таярлаў қуўатлылығына ийе. Нәтийжеде 230 адам жумыс пенен тәмийинленген. Әлбетте, усы бренд астында шығарылып киятырған өнимлер менен аймақларды қамтып алыў мақсетинде елимиз бойлап өзиниң Шоу-роом және дилерлик орайларын ашып келген болса, енди өнимлердиң бир бөлеги республикамызда ислеп шығарылыўы айрықша әҳмийетке ийе.
«IMZO» өнимлери 2016жылы мәмлекетимизде ҒМДА еллери арасында биринши ҳәм ең үлкен «IMZO» айналары ашылған болса, Нөкис қаласындағы филиал Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын усы өнимлер менен тәмийинлейди. Бул жерде айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўда жергиликли ықлым-шараятымызға сай келетуғын Европа лабораторияларында сынаўдан өткен Енгелберг ҳәм Аква брендлериниң жоқары сапалы материаллары таңланған.
Пресс-тур қатнасыўшылары кәрхана ҳәм ондағы өнимлердиң ислеп шығарыў процесслери менен танысып, пикирлери менен қызықсындық.
— Ең дәслеп айнаға буйыртпа бериледи. Оның бағдарламасы дүзилип, қандай көринисте болыўы ҳәм баҳасы шығарылады. Буйыртпашыға қолайлы болғаннан соң ислеп шығарыўға жөнетиледи. Бөлимде хызметкерлер қағазды қолына алып, ишинде айнасы ҳәм қағазы болады. Айнаны айна цехына, профильдикин алюминий болса, алюминий цехына бериледи. Буннан кейин жумыс процеси басланады.
Складтан буйыртпа бойынша шийки зат алынып, арнаўлы станокта айна өлшемине қарап кесип бериледи.
Соңынан линияға қос айна арасына рамка жасалып, автоматластырылған мойкадан өтеди. Араларына рамкалар тығызланып жабыстырылады. Соң герметика сызығына бериледи ҳәм айна таяр болады. Биздеги ең тийкарғы итибар, өнимниң сапалы болыўына қаратылған.
Барлық аксессуарларымыз Германия, Польша, Италия ҳәм Англиядан келтирилген.
Бул жерде қалыңлығы 4 мм, 6 ҳәм 8 мм ҳәр қыйлы айналар ислеп шығарылады.
Ҳәзирги күнде кәрханада 60 адам жумыс ислейди.
Буйыртпалар ҳәзирше аз, бир-еки айдан кейин мәўсимге сай көбейеди, дейди усы кәрхананың ислеп шығарыў бөлиминиң баслығы Рустам Әширбеков.
Энергия үнемлеўши айналар жети қабаттан он қабатқа шекемги қалыңлықта болып, буның нәтийжесинде айна максимал дәрежеде нур өткериў, сондай-ақ, қуяш нурларын ҳәм ыссылықты иркип қалыў имканиятына ийе. Анығырақ айтқанда, ҳаўа райының ыссы күнлеринде қуяштың 58 процент ыссы нурын қайтарып, солай етип, бөлмеде салқын ҳаўаны сақлап турады. Кәрханада барлық ислеп шығарыў линиялары толық компьютерлестирилген басқарыў системасы менен тәмийинленген. Оларды, яғный, барлық процесслерди заманагөй үскенелерди толық меңгерген жергиликли жаслар басқармақта.
— Мен алты ай даўамында Ташкентте оқып, тәжирийбе топладым. Ол жерде бизлер ҳәр қыйлы станокларда жумыс үйрендик.
Ҳәзир кәрхананың профильди кесиў бөлиминде ислеймен. Үйренгенлеримди усы жердеги өзим қатарлы жасларға үйретип атырман. Ол жақта бизлер алты ай даўамында тек ғана бир станокта емес, ал, басқа станоклардағы процесслерди үйрениўге ҳәрекет еттик. Жумысымыз кесиў, металл салыў, механизмлерин жыйнаў, тазалаў сыяқлы процесслерден өтеди. Бурын бул системада ислемегеннен соң дәслепки ўақытлары қыйыншылық болды. Ол жақта бизлерге барлық шараят жаратып берилди. Енди үйренемен дегенше, өзиңде ўақыт болады.
Бурын өзим акфа системасында ислеген едим. Бул кәрханаға жасларды жумысқа қабыл етип атырғанлығын еситип, мен де өз ҳүжжетлеримди тапсырдым. Сәўбетлесиўден өттик. Өткен жылы февраль айында жумысқа қабылландым, - дейди усы кәрхана хызметкери А.Жумабаев өзиниң жумыс процесин бизге таныстырыў пайытында.
Ал, профиль бөлиминиң операторы Малика Кеўлимжаеваның ўазыйпасы нелерден ибарат екенлигине қызықсынғанымызда:
— Мениң ўазыйпам, айнаның профилин кесип беремен. Кәрханамызда жаслар жүдә көп. Жумысшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Мәселен, түслик ўақты, ис-ҳақыларымыз өз ўақтында берилип, айма-ай азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлейди.
Шаңарағымызға дәрамат келтирип атырмыз. Кимниңдур үйинде яки мийманға барғанымызда бизлердиң кәрханамызда ислеп шығарылған өнимлерди көрсем, қуўанаман...
Әлбетте, соны айтыўымыз керек, Нөкис каласында бул кәрхананың жумыс баслаўы биринши нәўбетте, жергиликли жаслар ушын қолайлы болды. Ҳәзир пластикалық айна рамаларына тутыныўшылардан талап кем-кемнен артып бармақта. Олардың ең тийкарғы абзаллығы сонда, халқымызға ҳәр тәреплеме пайдалы болған бундай экологиялық өнимлер ыссылықты жақсы сақлаў ҳәм шаўқым өткермейтуғын қәсийетке ийе болып, узақ мүддет хызмет етеди. Кәрханада компания тәрепинен жаңа инновациялық технологиялар тийкарында жоқары сапалы беккем, қолайлы ҳәм ҳәр тәреплеме үнемли өнимлер ислеп шығарылмақта. Демек, жәҳән базарында да өз орнын тапқан өнимлер республикамыз экономикасын буннан былай да раўажландырыўда өзиниң салмақлы үлесин қосыўы менен бирге ҳәр бир шаңараққа кирип барыўына исенемиз.
Г.САПАРОВА,
Арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: пресс-турдан көринислер.