Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:04:07, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙНЕТ ДЕМАЛЫСЫН БЕРИЎ ТӘРТИБИ

Барлық хызметкерлерге, сондай-ақ, бирге ислеў тийкарында ислеп атырған хызметкерлерге дем алыў ҳәм жумыс қәбилетин қайта тиклеў ушын жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа ис ҳақы сақланған ҳалда жыллық мийнет дем алыслары бериледи.

Хызметкерлерге 15 жумыс күнинен кем, 48 жумыс күнинен көп болмаған мүддет пенен жыллық мийнет дем алысы бериледи.

Жыллық мийнет дем алыслар тийкарғы,  узайтылған ҳәм қосымша дем алыслардан ибарат болыўы мүмкин. Жыллық тийкарғы дем алыслардың ең кем мүддети 15 күн есапланады.

Төмендеги хызметкерлерге жасы ҳәм денсаўлығы жағдайын есапқа алып,  жыллық узайтылған тийкарғы дем алыс бериледи:

-  18 жасқа толмаған шахсларға — 30 календарь күни;

- ислеп атырған I ҳәм II  топар майыпларына — 30 календарь күни.

Айырым категориядағы хызметкерлерге олардың мийнет ўазыйпаларының айрықша тәреплери ҳәм қәсийетлерин ҳәм де тағы басқа жағдайларды итибарға алып,  нызам ҳүжжетлерине муўапық, узайтылған дем алыслар белгиленеди.

Жыллық қосымша дем алыслар:

- мийнет шараяты қолайсыз ҳәм айрықша болған жумысларда бәнт болған (мийнет процесинде денсаўлығына физикалық,

химиялық, биологиялық ҳәм өндиристиң басқа зыянлы факторлары тәсир ететуғын) хызметкерлерге;

- аўыр ҳәм қолайсыз тәбийғый-ықлым шараятларында жумыс атқарып атырған хызметкерлерге ҳәм мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлеринде, мийнет шәртнамасында нәзерде тутылған басқа хызметкерлерге бериледи.

Кәрханаларда қосымша дем алыс алыў ҳуқықын беретуғын жумыслар,  кәсиплер ҳәм лаўазымлар дизими, дем алыслардың мүддети, оларды бериў тәртиби ҳәм шәртлери тармақ келисимлери,  жәмәәт шәртнамасы менен (егер олар структуралайтуғын болса, — кәсиплик аўқамы комитети ямаса хызметкерлердиң басқа ўәкилликли уйымы менен келисип жумыс бериўши тәрепинен) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги тастыйықлайтуғын мийнет шараятларын баҳалаў стилистикасы тийкарында белгиленеди.

Мийнет шараяты айрықша болған жумыслар ушын, соның менен бирге, оғада зыянлы ҳәм мийнет шараяты аўыр, қолайсыз тәбийғый-ықлым шараятларындағы жумыс ушын қосымша дем алыстың ең кем мүддети, бундай дем алысты бериў шәртлери ҳәм тәртиби Өзбекстан Республикасы ҳүкимети тәрепинен белгиленеди.

Хызметкердиң қәлеўине көре оның жазба арзасы тийкарында дем алыстың бир бөлеги 12 жумыс күнинен кем болмаған муғдарда бөлимлерге бөлип берилиўи мүмкин. Өндирислик түрдеги себеплерге көре, ағымдағы жылда дем алысты толық бериў мүмкиншилиги болмаған бөлек жағдайларда, хызметкердиң разылығы менен дем алыстың он еки жумыс күнинен артық болған бөлими кейинги жумыс жылына көширилиўи мүмкин, сол жылы оннан әлбетте, пайдаланылыўы керек.

Жыллық демалыслар дәўири ушын хызметкерге орташа мийнет ҳақысынан кем болмаған муғдарда ақша төленеди. Дем алыс ушын ақша төлеў ең кеминде дем алыс басланбасынан алдынғы ақырғы жумыс күнинен кешикпей әмелге асырылады.

Мектеплер, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик оқыў орынлары,  кадрлардың маманлығын арттырыў,  оларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў институтлары ҳәм курсларының муғаллимлер қурамына биринши жумыс жылында жыллық дем алыс олардың усы оқыў орнына жумысқа кирген ўақтына қарамастан ҳақыйқый ислеген ўақтына пропорционал түрде ақша төленген ҳалда жазғы дем алыс дәўиринде толық бериледи.

Т.БЕКИМБЕТОВА,

Нөкис қаласы юридикалық хызмет көрсетиў Орайының бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF