Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:28:03, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФУТЗАЛ БОЙЫНША ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЧЕМПИОНЫ АНЫҚЛАНДЫ

Футзал бойынша жоқары лига командалары арасында Қарақалпақстан Республикасы «RIVOJ YULDUZ» чемпионаты жуўмақланды.

Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа қала ҳәм районлардан 22 команда қатнасты. Жарыс жуўмағында «Идеал газ» командасы биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы болды. Екинши орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университети, үшинши орынды Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командалары ийеледи. Чемпионатта Айрықша жағдайлар басқармасы, Бажыхана басқармасы, Үстирт газ, сондай-ақ, «Алтынкөл» ҳәм «Бозатаў» командалары мүнәсип қатнасты.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарсыласлар дәрўазасына 64 топ өткерген «Идеал газ» командасының ҳүжимшиси Дамир Низанов чемпионат топ­урары болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF