ҚАТЫҚ ИШИҢ, ҚАРТАЙМАЙСЫЗ!
Алымлар инсан денесиниң қартайыў себеплерин сондай сыпатлайды: дене бәрқулла токсинлерге қарсы гүреседи ҳәм бул пайытта жиңишке ишекте зыянлы микроблар көбейеди.
Мине, усы пайытлары денениң қартайыўын келтирип шығарады. Буған қараң, әпиўайы қатық токсинлерди нейтралластырар екен. Сол себепли де, антибиотик пенен даўаланыў пайытында қатық ишиў ишек микрофлорасын жақсылап, организмниң иммун системасын беккемлейди, ишеклердеги пайдалы бактерияларды тиклеўде жәрдем береди. Сондай-ақ, организмниң зыянлы микроб ҳәм бактерияларға қарсы күшин арттырады. Бул ўазыйпаларды қатық қурамындағы сүтли ашқылтым замаррық, лактобацил ҳәм бифидобактериялар атқарады. Қатық қурамындағы белок, минерал дуз ҳәм бир қанша витаминлер инсан денесин көплеген кеселликлерден қорғайды. Лекин, баўыр кеселлиги, аўқаттан зәҳәрленген наўқаслар сүт өнимлерин шыпакер мәсләҳәти менен ғана қабыллаў тийис. Анығырағы, усы кеселликлер дәўиринде қатық дем пайда болыўына шараят жаратыўы мүмкин.
Сүттиң майлылығы қаншелли жоқары болса, оннан мазалы ҳәм тойымлы қатық өними таярланады. Соның менен бирге, сүттиң өтте сиңиў дәрежеси 30 процент, қатықтың сорылыўы болса 90 процентти пайда етеди. Қатық денениң иммун системасын тиклеўши, руўхый зорығыў ҳәм уйқының бузылыў жағдайларының алдын алыўда тийкарғы қурал есапланады. Сондай-ақ, ишеклердеги артықша суйықлықларды жуўып түсиреди. Бәрқулла қатық ишип жүриў нәтийжесинде нерв системасы жақсыланып, шаршаў жазылады. Уйқыға жатыўдан алдын бир стакан қатық яки сүт ишиў тынышланыў дереги болып, инсанның денесине рак кеселлиги жақын жоламайды екен. Балаларда ушырайтуғын бир қанша инфекциялық кеселликлердиң алдын алыўда ҳәм иштей жоғалғанда да қатық ишиў керек.
Қатық қурамында болажақ ана организми ушын зәрүр болған пайдалы элементлер де бар болып, олардан l2 түрли витамин ҳәм тийкарғысы «А», «Д» витаминлери ана ҳәм бала саламатлығы ушын жүдә әҳмийетли есапланады.
Таярлаған:
Г.САПАРОВА.