Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:23:30, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИЛЛИКЛЕР УЗАЙТТЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Cалық кодексиниң 483-статья­сы үшинши бөлимине муўапық, 2021-жыл 1-майдан 2021-жыл 31-декабрьге шекем болған дәўирде Өзбекстан Республикасы аймағына өсимлик майы, айғабағар ҳәм зығыр туқымы, соның менен бирге соя дәнесин алып кириў, өсимлик майын, пахта майынан тысқары, ислеп шығарыў ҳәм реализация етиў усы статьяның тоғызыншы бөлимине муўапық, 2021-жылдың 10-октябринен 31-декабрине шекем болған дәўирде гөш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар ҳәм оларды сойыўдан алынған өнимлерди, картошка, музлатылған балықты реализация етиў бойынша айланба, соның менен бирге, оларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў қосымша қун салығынан азат етилген еди.

Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары кепилликлериниң және де күшейттирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 2022-жыл 9-февральдағы Нызамы менен бул салық жеңилликлериниң қолланыў мүддети 2022-жылдың 30-апрелине шекем создырылды.

Соның менен бирге, Нызамда белгиленген қағыйдалар 2022-жыл 1-январьдан баслап жүзеге келген қатнасықларға қарата да қолланылыўы нәзерде тутылған.

Бул салық жеңилликлериниң берилиўи, әлбетте, исбилерменлик субъектлери искерлигиниң жедел раўажланыўына, оларға қарата салық жүгиниң кемейиўине, соның менен бирге, халықты арзан ҳәм сапалы өсимлик майы, гөш ҳәм картошка менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

судының судьясы.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF