Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:44:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘРТ ТУМАРИС ӘЎЛАДЛАРЫ

ямаса қылышласыў спортында және бир жулдыз пайда болды

Қылышласыў спорты Қарақалпақстанда кешлеў басланса да ертерек нәтийжелер бере баслады. Зайнаб Дайыбекова ҳәм Шерзад Мамутов Нөкистен Токиоға шекемги жолды мәрдана басып өтти. Олардың изин баса жетилип киятырған жасларымыз да дүнья ареналарында өз шеберликлерин көрсетпекте.

Қылышласыў спорты тарийхына қысқаша экскурс-шолыў

Фехтование-тийкары немисше fechten-сөзинен алын­ған болып, қарақалпақша саўашта урысыў, гүресиў, алысыў деген мәнис­ти аңлатады.

Россияда фехтование термини солайынша алынып киятырған болса, Қазақстанда семсерлеў, Өзбекстанда қиличбозлик деп аталып, бул спорт түри бойынша ҳәр қыйлы дәрежедеги жарыслар өткерилип келинбекте.

Қылышласыў спорты заманагөй Олимпиада ойынларына турақлы түрде қатнасып киятырған 5 спорт түриниң бири болып табылады.

Бул спорттың тарийхына нәзер салатуғын болсақ, ол әййемги Грецияда пайда бол­ған болып, қылышласыў менен балалар 5-11 жастан баслап шуғылланған ҳәм бул олардың күнделикли турмысына енгизилген. Ал, әййемги Римде болса, жаңадан келген легионер ҳәм гладиа­торларға да қылышласыў сырлары үйретилген.

Ал, спорт сыпатында болса, XV-XVI әсирлерде Испания ҳәм Италияда қәлиплесе баслаған. Атап айтқанда, италиялы А.Морацци қылышласыў бойынша дәслепки оқыў қолланбасын жаратқан болса, XVII әсирде Францияда қылышласыў қағыйдалары ислеп шығылды ҳәм ҳәр қыйлы жарыслар өткериле баслады. Рапира бойынша жарыслар 1896-жылғы Олимпиададан баслап өткерилип киятыр­ған болса, сабля ҳәм шпага 1900-жылдан баслап Олимпиада ойынларына киргизилген.  

1913-жылы Халықаралық қылышласыў федерациясы дүзилип, оған ҳәзир 120 мәмлекет ағза болып есапланады. Соның ишинде Өзбекстан Республикасы да 1992-жылдан ағза болып келмекте.

Қылышласыў бойынша 1937-жылдан баслап жәҳән чемпионаты өткерилип келинбекте ҳәм бул спорт түри Россия, Франция, Италия, Германия, Польша, АҚШ, Венгрия, Румыния, Қытай мәмлекетлеринде жақсы раўажланған.

Ал, бизиң халқымыз болса өз перзентлерин жаўынгерлик спорт түрлерине әййемги заманлардан баслап-ақ тәрбиялап келген. Оған әсиресе, уллы сәркарда Әмир Темир айрықша итибар қаратып, өз әскерлери арасында турақлы түрде шынығыў ҳәм беллесиўлер өткерип  тур­ған.

Ал,  қарақалпақлар арасында Алпамыс, қоблан, Едиге  сыяқлы батырларымызда өзлериниң алмас қылышлары менен жаўды жексен еткен. Сондай-ақ, ата-бабаларымыз шаңарақта тек ул балаларын емес, ал, қызларын да епшиллик, шаққанлық, ержүреклик ҳәм батырлыққа тәр­биялап, олар урыс майданларында көплеген мәртликлер көрсеткен.

Өзбекстан Республикасында заманагөй қылышласыў спорты 1910-жылы пайда болғаны менен, 1950-жылдан баслап Өзбекстан сайланды командасы СССР халықларының Спарта­киадасына қатнаса баслайды.

1961-жылы сабляшы Валерий Хархалут СССР сайланды командасы қурамына шақырылып, 3 мәрте Универсиада жарысларының гүмис медалы менен сыйлықланған болса, рапирашы Сабыр Рузиев 1974-1975-1981-жыллары жәҳән чемпионлығын жеңип алды. Ал, 1980-жылы Москвада өткерилген Олимпиада ойын­ларында болса, гүмис медальды қолға киргизеди. Және бир рапирашы Виталий Логвин де 1982-жылы командалық есапта дүнья жүзи чемпионатында алтын медал менен сыйлықланады.

Жаңа Өзбекстанның  жаңа спортшылары

Ғәрезсизлик жылларында болса, рапирашы Руслан Кудаев 2005-жылы жәҳән бириншилигинде күшли сегизликке кирген болса, Рафкат Рузиев ҳәм Анна Петрова 1996-жылы Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы болып табылады.

Соңғы жыллары  Өзбекстанда қылышласыў спор­тына қаратылып атырған айрықша дыққат-итибардың нәтийжесинде сайланды командамыз ағзалары жақсы нәтийжелерди қолға киргизип келмекте. Атап айтқанда, 2015-жылы кадетлер арасында өткерилген Азия чемпионатында   сабляшы Жалалатдин Душамбаев, Шерзад Мамутов, Пазыл Генжебаев ҳәм Бабур Расуловлар гүмис медальды қолға киргизген болса, Зайнаб Дайыбекова, Севинч Исмаилова, Шахноза Тағаймурадова ҳәм Севила Худайбергеновалар гүмис медаль, жас өспиримлер арасында Файзулла ҳәм Санжар Алимовлар, Санжар Собиров, Малика Хакимовалар сыйлы орынларды қолға киргизиўге миясар болды.

Солар арасынан Шерзад Мамутов, Зайнаб Дайыбекова ҳәм Малика Махкамовалар 2021-жылы Токиода өткерилген Олимпиада ойын­ларында қатнасып, жерлесимиз Зайнаб Дайыбекова япониялы Тика Аоки, қытайлы Шао Яци, кореялы Юн Джи Суларды жеңип шығып, шерек финалда  венгриялы тәжирийбели Анна Мар­тонға 11-15 есабында жеңилип қалғаны елеге шекем спорт ықласбентлериниң көз алдында.

2019-жылы жас өспиримлер арасында жәҳән чем­пионы атанған Зайнабты Президентимиз «Шуҳрат»  медалы, Токиодағы Олимпиадада көрсеткен ерлиги ушын «Жасорат»  медалы менен  сыйлықлады.

Гүлистан — Азияда теңсиз спортшыға айланды

Бундай хошамет әлбетте, басқа да жас спортшыларымызға күш-жигер бағышлады. Буның айқын дәлийлин бизлер 24-февраль күни Ташкент қаласында кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатында көргендей болдық.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы НМПИ жанындағы  Академиялық лицейдиң 2-басқыш оқыўшысы Гүлистан Пердебаева сабля бойынша өзиниң барлық қарсыласларын жеңип шығыўы гүллән халқымызды  қуўанышға бөледи. Әсиресе, бириншиликтиң ярым финалында пүткил дүньяға белгили қылышпаз Зайнаб Дайыбекова менен ушырасыўы Гүлистанға оғада қы­йыншылық туўдырды. Бир жағынан екеўи де қарақалпақстанлы болып, оларға қолайсызлық жаратқан болса, екинши тәрептен усы жарысты өз көзи менен көриўге келген анасы, белгили журналист Тамара Машарипованың билдирген исенимин ақлаў лазым еди.

Беллесиў оғада қызық ҳәм талас-тартысларға бай болды. Бул ҳаққында Гүлистанның анасы Тамара Машарипова өзиниң ишки кеширмелерин  былайынша баянлайды:

— Шайыр бабамыз Бердақ Ғарғабай улының «Амангелди» дәстанындағы Асан бийдиң  «Екеўи де мениң қозым» дегениндей еки қызымызға да жанкүйерлик еттим. Беллесиў басланыўы менен спорт сарайындағы тамашагөйлер арасында жым-жыртлық гүзетилди. Бул жерде тек спортшының ата-анасына ғана қоллаў көрсетиўге руқсат берилгендей.  Алынған упайға «Молодец» десем, утылса «Давай-давай» деп бақырып турдым. Лекин, спортта күш, шеберлик, мәртлик, талант ҳәм психологиялық таярлық өзин көрсетер екен. Есап 15-12. Ушырасыўды басқарған түркиялы төреши Гүлистан қызымның үстинлигин тастыйықлады.

Финал беллесиўинде болса, Гүлистан Пердебаева австралиялы Вероника Васильеваны 15-7 есабында жеңип шығып, сайланды командамыз есабына және бир алтын медалды қосып қойды.  Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста қола медалды В.Исмаилова ҳәм Зайнаб Дайыбековалар қолға киргизди.

Спортшыларды жарысқа сайланды команда бас тренерлери В.Назлымов, Дәўирбек Жийемуратов, тренерлер Сәрдар Назарымбетов, Руслан Султанов, Мартин Камаджиев, Ёрқин Йулдашевлар таярлады.

Қылыш тутқан мамаларым руўхы қоллады

— Мен бул спорт түри менен 4 жылдан бери турақлы түрде тренерим Сәрдар Назарымбетов басшылығында шуғылланаман,-дейди Азия чемпионы Гүлистан Пердебаева. — Буннан алдын Өзбекстан чемпионатында жеңимпаз болған болсам, 2021-жылы Египетте өткерилген жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында қатнасыўға миясар болдым. Бул жарыста сәл тәжирийбем азлығынан АҚШлы спортшыға жеңилип қалған болсам, өткен жылы Ташкент қаласында өткерилген жәҳән кубогинде сайланды командамыз қурамында алтын медалды қолға киргиздим. Ал, кеше ғана Ташкент қаласында өткерилген Азия чемпионатында кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасындағы жарыста еки алтын, жас өспиримлер арасындағы командалық жарыста гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болдым. Командамыз қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылардан Зайнаб Дайыбекова, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаева, Шерзад Мамутов, Пазылбек Генжебаев ҳәм тағы басқа да досларымыз да алтын, гүмис ҳәм қола медальларын жеңип алып, жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Енди алдағы ўақытлары да шынығыўларды босаң­ластырмай, Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында усы жылдың апрель айында өткерилиўи режелестирилген жәҳән чем­пио­натында жеңип шығып, елимиз байрағын бәлентлерде желбиретсем деймен...

Гүлистан Пердебаева 2005-жылы  Нөкис қаласында юрист Раўаж Хожаназаров ҳәм белгили журналист, илимпаз-педагог Тамара  Машарипованың шаңарағында төртинши перзент болып дүньяға келди. Спорттың қылышласыў түрин жедел меңгерип, дойнағында барын толайым журтқа жылдам көрсете алды.

Ҳақыйқатында, келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын бул спортшы қызымыздың алдағы жарысларда да жоқары нәтийжелерди қолға киргизип, Франция пайтахты Париж қаласында өтиўи тийис Олимпиада ойын­ларында да чемпионлықты қолға киргизетуғынлығына исенемиз. Себеби, бул қызларымыз мәрт Тумарис әўладлары, мәртлик майдан мамалары қолына қылыш тутып, елиниң абырайын қызғыштай қорғаған.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF