Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:36:33, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЛАНТЛЫЛАР ЫЛАЙЫҚЛЫ БАҲАСЫН АЛДЫ

Бәҳәр паслының кирип келиўи ҳәммеге  өзгеше кейпият бағышлап, көплеген қуўанышлар менен басланады. Быйылғы жылы да Президентимиздиң 2022-жыл 5-марттағы «Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына бола республикамыздан еки қыз — Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Педагогика факультети  музыкалық тәлим бағдарының  4-курс студенти Еркинай Орын­баева ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниң 2-курс студенти Зухрахон Мақсадовалар Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.

Еркинай 1999-жылы бес қаланың бири Хожелиде туўылып өсип, балалығынан миллий қосықларды атқарыўға ықлас қойды. Ол Нөкис қаласындағы 2-санлы қәнигелестирилген мектепти питкергеннен соң қызығыўшылығына бола Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде тәлим алып, музыка сырларын үйренди. Ол дуўтардың әлўан түрли сырларын устазы Ғайратдин Өтемуратовтан үйренди ҳәм мектепте, мәҳәлледе, институтта өткерилген барлық мәдений илаж, ушырасыў кешелерине қатнасып, өзиниң талантының жүзеге шығыўына, әсиресе, миллий фольклорға болған қызығыўшылығы себеп, саз әсбабымыз ала мойнақ дуўтарда миллий қосықларды кәмине келтирип атқарыўды хош көреди. Ол «Жаслар күни», «Қызлар клубы», «Жаслар — келешек қурыўшылары» ураны тийкарында өткерилип кия­тырған жаслар фестивальларында, республикалық таңлаўларда, Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары илажларында өткерилетуғын концерт бағдарламаларына қатнасып, дипломлар, Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

***

Зухрахон Мақсадова 2002-жылы 22-июльде Еллик­қала районында туўылып, жасынан Ана-журтымыз гөззаллықлары, әтираптағы, қатарлары арасындағы дослық ҳәм садықлық туй­ғылары сезимлерин кеўил кеширмелеринен өткерип, оны қосық қатарларында тәрийплеўге қызығыўшылығы артып өсти.

Оның 2017-жылы «Юртим жамоли» 2018-жылы «Фасллар ухшаркан асли умрга», «Парвоз», 2019-жылы «Ният» атамасындағы қосықлар топламлары жарық көрди. 2021-жылы «Бадиий тафаккурнинг янгиланиши» мақаласы «Образование и наука ХХI века» журналында, «Санъат турларининг узаро алоқадарлиги» мақаласы «Ўзбекистонда илмий-амалий тадқиқодлар» атамасында өткерилген конференцияда қатнасып, сертификат алыўға ерис­ти. Сондай-ақ, Зухрахонның қосықлары, «Тамаддун нури», «Сабо» журналларында, «Қарақалпақ әдебияты», «Вазият», «Давр кўзгуси» газеталарында да жарық көрип киятыр.

Б.КАРАМАТДИНОВА. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF