Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:40:17, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУНИС ТЕХНОЛОГИЯСЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА

Усы жыл 28-февральдан 4-мартқа шекемги аралықта Нөкис районында Фермерлер ҳәм Мәмлекетлик тийисли тараў ўәкиллери ушын «Суў­ғарыўда «Buried diffuser» инновациялық технологиясын қолланыў» атамасындағы семинар-тренинг болып өтти.

Бул семинар-тренинг Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы Халықаралық Инновациялар Орайының басламасы менен БМШниң Аралбойы аймағы ушын көпшериклик Траст фонды тәрепинен қаржыландырылып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў Бағдарламасы, ЮНФПА ҳәм ФАО «Аралбойы регионында жақсы қорғалмаған аймақларда экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги маш­қалаларын шешиўде жаслар ҳәм қорғаўға мүтәж халықтың бейимлесиў потенциалын беккемлеў арқалы дөретиўшилик ҳәм инновациялық имканиятларын раўажландырыў» қоспа бағдарламасы щеңберинде әмелге асырылды.

«Buried diffuser» қурғақшылық ҳәм оның тәсиринен жырақ болмаған Тунис мәмлекетинде ислеп шығарылған жер асты суўғарыў техноло­гиясы болып, бул усыл тамшылатып суўғарыў ушын зәрүр болған суў ресурсының тең ярымын, ал, зүрәәтлиликти болса 3-5 есе арттырыў мүмкиншилигин жаратады. Бул система мийўели дарақлар, палыз ҳәм контейнер егинлерди суўғарыў ушын қолланылыўы мүмкин.

Кириспе баянатын жасаў, бундай оқыў семинары ҳәм дала тренинглерин өткериў ушын Тунистен Өзбекстанға технологияны ойлап тапқан илимпаз, доктор Беллачхеб Чахбани мирәт етилген еди. Семинарда доктор Чахбани қатнасыўшыларды суўғарыўда суўдан үнемли ҳәм турақлы пайдаланыў, қурғақшылық ақыбетлерин жумсартыў ҳәм ықлым өзгерисине бейимлесиў ушын ойлап табылған инновациялық технологиялар менен таныстырды. Семинардың негизги темасы — «көмилген диффузор» менен ислеў өзгешеликлери, суўды фильтрлеў ҳәм бөлистириў системалары, суйық төгинлерди гравитация­лы инъекциялаў, суўға атмо­сфера ҳаўасын, суў жеткерип бериў басқарыўының интеллектуал системалары ҳәм басқалардан ибарат. Система сымсыз сенсор ҳәм трансмиттер технологиясынан пайдаланады.

Дала тренинглери даўамында қатнасыўшылар палыз ҳәм мийўе нәллерин суўғарыў, сондай-ақ, узақ даўам ететуғын қурғақшылыққа қарсы гүресиў ушын топырақтың терең қатламларында суў жеткерип бериў ҳәм сақлаў ушын көмилген диффузорды орнатыў ҳәм ислеў усыллары менен таныстырылды.

Өз гезегинде «Buried Diffuser» технологиясының Орайлық Азияда туңғыш мәрте пайдаланылып атырғанын айтып өтиў орынлы. Бес күн даўам еткен бул семинар-тренинг­лер тийисли мәмлекетлик уйым ўәкиллери ҳәм жергиликли фермерлерге Аралбойының қурғақшылық шарая­тында аўыл хожалығының инновациялық тәжирийбелери ҳәм оларды әмелиятқа енгизиўдиң абзаллықлары ҳаққындағы билимлерин арттырыўға жәрдем берди.

 

С.ЖАНИЕВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТTE: семинар-тренингтен көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF