ЖАС ОЙЛАП ТАБЫЎШЫНЫҢ ТАБЫСЫ
«Жаслықта алған билим тасқа ойылған нағыс яңлы» дейди данышпанларымыз. Ҳақыйқатында да бийғам балалықтан басланған қәдемлер жаслыққа уласып, үйренген билим ҳәм топланған тәжирийбелер инсанның ертеңги күнине беккем таяныш болары ҳақыйқат.
Бүгин қайсы тараўды алып қарамайық, жасларымыздың белсендилигин, ерисип атырған табысларын еситип, жетискенликлерин көрип, буннан бир неше жыл изге салыстырсақ, ертек яңлы сезиледи, оларға ҳәўесимиз артады. Мақаламыз қаҳарманы, негизи қанлыкөлли Темур Оспанов та талапшаңлығы, мийнеткешлиги ҳәм излениўшилиги менен теңлеслери арасында жетискенликлерге ерисип киятырған жасларымыздың бири. Ол ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Химия-технология факультети, Органикалық емес затлар химиялық технологияси тәлим бағдарының 1-курс магистранты. Жаслайынан билим-илим ийелеўге қуштарлығы оны жоқары шеклерге қарай талпындырып, гөзлеген мақсетлерине жетисиўине жол ашпақта. Болажақ жас алым заман ағымы менен тең қәдем таслап, елимиздеги жасларға жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланып атырғанлығын оның халықаралық көлемдеги таңлаўларда, конференцияларда қатнасып, өз пикирин айтып, излениўлерин тартынбастан усынып, шет елли алымлардың да нәзерине түсиўи устазларының исенимин ақлап, келешегинен үлкен үмит оятпақта. Атап айтқанда, 2020-жылда «Problems in the production of potassium fertilizers in Uzbekistan» темасындағы илимий-изертлеў жумысларын М.Жапарбаева менен биргеликте Россия мәмлекетиндеги «Интернаука» журналында, сондай-ак, және сол жылы усы автор менен «Development of a new method of quantitative determination of insulin» темасындағы илимий-изертлеў жумысларын «Сибак» журналында жәриялады.
Соның менен бирге 2020-жыл 2-4-март күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Өзбекстан инновациялық раўажланыў министрлиги, «IT Park» ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген «Demo Day» стартап басламалары жасларды қоллап-қуўатлаў жойбарында университет студентлери менен «Электр энергиясын қайта тиклеў мәселелери» атамасында өз инновациялық идеялары менен қатнасып, сертификат пенен сыйлықланды.
2020-жылы 11-сентябръ күни Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Research Support Center» менен биргеликте шөлкемлестирилген «Илимий жойбарлар шеңберинде мақалалар баспадан шығарыў, халықаралық илимий базалардан (SCOPUS, WEB OF SCIENCE) пайдаланыў мүмкиншиликлери» темасындағы вебинарда белсене қатнасып сертификат пенен сыйлықланыўы, сондай-ақ, 2020-жылы 3-8-ноябрь INNOWEEK.UZ-2020 халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелигинде «EcoCITY» ҳәм «Exclusive» өз инновациялық идеялары менен қатнасыўы Темурдың халықаралық көлемде де алықлығынан дәрек берип турғандай.
Илим жолы машақатлы болыў менен бирге инсаннан мийтиндей сабыр тақат талап етеди. Темур өзи сыяқлы илимге қуштар досларын әтирапына жыйнап, бирге пикир алысыўдан, билмегенин сорап, билгенлерин үйретиўден жалыққан емес. Атап өтиў орынлы, Электрон есаплаў машиналары ушын «CDC MOTORS — өзгермейтуғын двигательлердиң характеристикаларын анализлеў системасы» программасын Д.Сәрсенбаев, Г.Бекниязова, Н.Нукусбаев А.Исмандияровлар менен биргеликте ислеп шығып, 2020-жыл 17-июнь күни ҚDGU 08580 дизимнен өткерилди. Сондай-ақ, 2021-жылы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Жаслар академиясының «Жаслар академиясы ағзасы» көкирек нышаны менен сыйлықланды. Әлбетте, буның бәри де болажақ алымның машақатлы мийнетлери ҳәм тынымсыз изленислериниң нәтийжеси болып табылады.
Ҳақыйқатында да «Изленген имкан табады» дейди халқымыз. Усы жылдың февраль айында Қазақстан Республикасының Нур-Султан қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң илимий-изертлеў, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик белсендилиги бойынша жетискенликлерге ерисип киятырған бакалавр студентлери ҳәм магистрантлар арасында шөлкемлестирилген «ҒМДА мәмлекетлериниң ең жақсы студенти-2022» таңлаўы болып өткен еди.
Бул таңлаўға Т.Оспанов та белсене қатнасып, жеңимпаз болды. Оған шөлкемлестириўшилер тәрепинен алтын көкирек белгиси, гүўалық, I дәрежели диплом менен сыйлықланыўы оның өмириндеги умытылмас ўақыя болды. Усы жылдың 22-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри И.Абдурахманов, усы министрлик жанындағы Инновациялар миллий офиси баслығы О.Тўйчиев, министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы инновациялық раўажланыў аймақлық басқармасы баслығы Н.Каюпов, министрликтиң жуўапкер хызметкерлери қатнасыўында министрдиң көшпели қабыллаўы өткерилген еди. Илажда Т.Оспановқа министр И.Абдурахманов тәрепинен Илимий ҳәм инновациялық тараўда өзиниң ғайраткерлиги ҳәм нәтийжели искерлиги ушын «Келешек инноваторы» көкирек нышаны салтанатлы түрде тапсырылды. —Табысларға жетисиўимде мени қоллаўшы жақынларым, билим сырларын үйреткен устазларымның мийнети уллы, мен олардан миннетдарман. Мақсетлерим жолында бәрқулла ҳәрекетте болып, республикамыздың раўажланыўына үлесимди қоссам деген нийеттемен, - дейди ол.
Жуўмақлап айтқанда, заманласымыздың илим сырларын ашыўға ықлас қойып, әйне жаслық жигерин, күш ғайратын бағышлаўы оны келешекте жаңа шоққыларды ийелеўине исенимимиз кәмил.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.