Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:14:30, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӨРЕТИЎШИЛИК ИСЛЕРИМИЗГЕ ҚАНАТ БАҒЫШЛАЙДЫ

«Мәденият Мойнақтан басланады».

Ш.М.Мирзиёев.

Бәриңизге белгили усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президент Шавкат Мирзиёевтың аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақ­станға сапары шөлкемлестирилди. Бул сапар алдынғы сапарлардан өзгеше түрде, яғный Президент минген биринши санлы борт туңғыш мәрте Ташкенттен Мойнақ аэропортына қонды. Бул процесс шынында да таң қаларлық жағдай болды, десек асыра айтпаған боламыз. Себеби, ҳәзирги күнде бар-жоғы 33 мың халық жасайтуғын Мойнаққа Президент минген самолёттың қоныўы биз бенен сизиң оңымыз түўе жети уйқылап, түсимизге кирмеген еди.

Ҳақыйқатында да, соңғы жылларда Мойнақ районы халқының турмысы Журтбасшымыздың турақлы итибарында болды. Аймақты раўажландырыў бойынша еки қарар қабыл етилип, Президентимиз аймақта буннан алдын еки мәрте сапарда болды. Ҳәр бир сапар жуўмақлары менен мойнақшылардың турмысында үлкен унамлы өзгерислер жүз берип, аймақ мисли ертеклердегидей өзгеше шырай ашты. Нешше мыңлаған халықтың, әсиресе жаслардың бәнтлиги тәмийинленди. Буннан бир неше жыллар алдын Мойнақты таслап кеткен бир неше мыңлаған халық туўылып өскен топырағына қайта қоныс басты.

Елбасшымыз аэропорттағы дөретиўшилик жумыслар менен танысар екен, заманагөй имканиятларға ийе болып, Жаңа Өзбекстанда жаңа өмирге қайтқан  Мойнақ аэропортының қайта тиклениўи менен буннан былай Ташкент-Мойнақ-Нөкис авиақатнаўының жолға қойылатуғынын айрықша атап өтти. Бул әлбетте, Мойнақта баслан­ған ири дөретиўшилик жумыслардың буннан былай да даўам етеди дегени, әлбетте.

Журтбасшымыз  мойнақшы жасы үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар менен пикирлесер екен, аймаққа туңғыш сапарында келгенинде айтқан сөзин және бир мәрте тәкирарлады. Ҳақыйқатында да Мәденият Мойнақтан басланбақта.

Өткен жылларға нәзер салатуғын болсақ, район аймағында қурылыс-коммуналлық сыяқлы ҳәр бир тараўларда, соның ишинде, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумыслар системасын жетилистириў бойынша да көлемли жумыслардың алып барылғанын көриўимиз мүмкин. Бүгинги күнде тез пәтлер менен бой тиклеген «Ақ кеме» балалар дем алыў хәм саламатластырыў орайы, «Экология музейи», «Амфитеатр», «Шайырлар ҳәм өнерментлер аллеясы», «Арал теңизи тарийхы музейи», «Future muynak» китапхана ҳәм 85 орайы, мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў ҳәм спорт сыяқлы социаллық объектлер халықтың руўхый-дүньясын байытыўда айрықша хызмет  етпекте.

Аймақтағы руўхый-ағартыўшылық бағдардағы дөретиўшилик жумыслар ҳаққында сөз еткенде, әпсанаўий Сулайман Бақырғаныйдың естелигин мәңгилестириў бойынша алып барылған ийгиликли ислерге тоқтап өтпестен илаж жоқ. Мойнақтағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында XI әcирде Түркистан үлкесинде жасап өткен уллы уламалардың бири Хожа Ахмед Яссаўийдиң шәкирти, жерлесимиз — Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата) жерленген.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Сулайман Бақырғаныйдың мәдениятымыз бенен әдебиятымызға және ол уллы тулғаның келешек әўладларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы бай руўхый мийраслары инабатқа алынып, 2020-жылда аймақта саўлатлы «Ҳәким ата» жомъе мешити ҳәм оның мавзолейи қурып питкерилди. Әҳмийетлиси, бул орын әйне па­йытта пүткил Өзбекстан көлеминдеги, сондай-ақ, сырт елли туристлердиң зыя­ратлаў орнына айланып бармақта. Ал, оның келешек әўладларымызға беретуғын руўхый азығы әлбетте, өз алдына.

«Теңиз шегинсе де инсан шегинбейди». Халқымыз тәрепинен таўып айтылған бул сөз бүгинги күни шынында өз дәлилин таппақта. Әйне пайытта, халық қайта оралып атырған Мойнақ қаласына тутас Арал теңизиниң қурыған ултаны да жылдан-жыл­ға жасылланып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы Мойнаққа сапары даўамында Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған көклемзарластырыў жумыслары менен танысты. Бәриңизге белгили ҳүрметли Президентимиз Арал апатшылығын жумсартыў бойынша дүньяның бийик минберлерине шығып баслама көтерди. Өткен жылларда теңиздиң қурыған ултанын абаданлас­тырыўға пүткил Өзбекстан Республикасындағы ўәлаятлар өзлериниң қалыс көмегин берди. Усы ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде теңиздиң қурыған бөлиминде 1 миллион 524 мың гектар тоғайзарлықлар жаратылды. Әҳмийетлиси, инсанлар шегинип атырған жоқ, бул жумыслар еле де даўам еттирилип атыр. Бир ғана 2022-жылда 100 мың гектар майданда «жасыл қаплама» жаратыў режелестирилген. Сондай-ақ, аймақта соңғы 2-3 жылдың ишинде жер асты қудықларының ашылыўы, флора ҳәм фауна орталығының жақсыланыўына, яғный өсимликлер менен ҳайўанатлар дүньясын сақлап қалыўға және аймақта шарўашылықты раўажландырыўға тийкар жаратпақта.

«Тахтакөпирдиң де алдынғы абырайын тиклеўимиз зәрүр», деген еди. Президентимиз аймаққа қараслы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы дөретиўшилик жумыслар менен танысыў ўақтында. Аймақта қысқа ўақыт ишинде капитал оңланып халық ийгилигине тапсырылған пуқаралар жыйыны, шыпакерлик пункти, бақша ҳәм мәденият орайлары ҳақыйқатында Тахтакөпирдиң абырайының қайта тикленип атырғанынан дәрек бермекте.

Әсиресе, район аймағында қайта оңлаўдан шыққан заманагөй кең ҳәм саўлатлы мәденият орайы пүткил Өзбекстаннан келген мийманларды таң қалдырып атырғанын айрықша атап өтиўимиз мүмкин.  Бул Президентимиз бенен болған пикирлесиў процесинде жергиликли халық ҳәм Өзбекстан Республикасынан келген ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң толып-тасып сөйлеўинде өзиниң айқын сәўлелениўин тапты.

Буннан тысқары Журтбасшымыз Шоманай ҳәм Беруний районларында болып, «Шоманай экотекс» кәрханасының жумысы ҳәм районға бириктирилген Хорезм ўәлаяты исбилерменлериниң инвестиция жойбарлары менен танысты.

Ҳақыйқатын айтыў керек, бир ўақытлары «тупик» район  аталып, итибардан шетте қалып кеткен Шоманай районында соңғы жылларда көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылды.  «Шоманай экотекс» кәрханасы жумысының жолға қойылыўы аймақтағы жумыссызлықты сапластырып, нәтийжеде жергиликли 500 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Район орайы абаданластырып, бир неше исбилерменлик объектлери шөлкемлестирилди, халыққа хызмет көрсетиў орынлары қайта бой тикледи. Өнерментшилик, китапханалар ҳәм ири аттракционларға ийе балалар дем алыў бағы қурылды.

— «...Қарақалпақстанның самаллары да экономикаға пайда келтиреди», деди Президент Беруний районындағы Саудия Арабстанының «АKWА POWER» компаниясы менен биргеликте аймақта қурылысы режелестирилген самал электр станциясының тырнақ тасын қойыў мәресиминде. Бул жойбар иске қосылғаннан соң 110 мың шаңарақ қосымша электр энергиясы менен тәмийинленип, нәтийжеде жылына 106 миллион куб метр тәбийғый газимиз үнемленеди.

Бул басланыўы, әлбетте. Елбасшымыздың және атап өткениндей, Инсан қәдири ушын, деген бас принцип тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша да еле де үлкен мақсетлер алға қойылған.

Әлбетте, тәлим-тәрбия ҳәм мәнаўият мәҳәлледен басланады. Мәҳәллелердиң абаданлығы болса, өсип киятыр­ған жас әўлад ўәкиллериниң руўхый дүньясы бай болып жетилисиўине тийкар жаратады.

 Президентимиз Қарақалпақстанға сапарының екинши күнинде жақында «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде абаданластырылған Нөкис қаласындағы «Шымбай гүзары» мәҳәллесинде болып, аймақтағы халық абаданлығы ушын исленген объектлер менен танысты. «... Қолында өнери бар ҳаялдың кейпияты жақсы, шаңарағы да турақлы болады», деди Президентимиз аймақта 300 ден аслам ҳаял-қызлар жумыс ислеп атыр­ған тоқымашылық кәрханасындағы ушырасыўында.

Журтбасшымыз Нөкис каласындағы бир қатар кәрханалар ҳәм қурылыс объектлериниң жумысы менен таныса отырып «Шымбай гүзары» мәҳәллеси аймағында «Мәҳәлле ора­йы»н қурыў бойынша көрсетпе берди.

 Әлбетте, бул пүткил Қарақалпақстан көлеминдеги жаңаланыўлар жаңа объектлердиң бизиң мәҳәллелерде алып баратуғын руўхый-ағартыўшылық жумысларымызға өзиниң унамлы тәсирин тийгизетуғыны сөзсиз.

Өзиңизге белгили, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыў мақсетинде, Нөкис қаласы ҳәм барлық районларға Өзбекстан Республикасындағы ўәлаятларды жуўапкер ҳәм қәўендер етип бириктирди.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабы «Дүньяда ҳеш қашан таң бирдей атқан емес!», деп басланады. Бул пүткил барлық, тәбият ҳәм инсаният бәрқулла өзгеристе ҳәм жаңаланыўда болады дегени.

Ҳақыйқатында да, мине, неше мың жыллар даўамында дүньядағы халықлар өз мақсети, умтылыслары, нийети, характерине қарап ҳәр қүни таңды ҳәр қыйлы жағдайда қарсы алады. Кимдур, қәўетерде, кимдур басым ҳәм қорқыўда, және басқалар оқ жаўынлары астында, биреўлер аш-жалаңаш, және биреў абаданлықта қарсы алады.

Мың қәтле шүкир болсын, бизиң халқымыз ҳәр бир таңды жақсы нийет пенен тынышлық ҳәм парахатшылықта қарсы алады. Президентимиздиң баслап берген жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы тийкарында биз ҳәр бир күнди уллы арзыў-нийетлер, жигерлилик ҳәм жаңаланыўлар нәпеси менен баслап атырмыз.

Соңғы жылларда Қарақалпақстандағы бурын мисли көрилмеген өзгерислер себепли ҳәр бир инсан қәлбинде жаңа қуяш парлап шыққандай болды. Себеби, адамлар қәлбинде ертеңги күнге үмит ҳәм исеним оянды, үлкен дөретиўшилик ҳәрекети басланды.

Мине, бул сапары Журтбасшымыз аўызбиршиликтиң күшин көрсетип берди. Қарақалпақстанға үлкен режелер, мақсетлер, үлкен финанслық дереклер менен бирге елимизге 13 аймақтың ҳәкимлерин ҳәм исбилерменлерин алып келди. Әҳмийетлиси, ҳәр бир ўәлаят кеминде 50 миллиард сум қаржы менен келмекте. Улыўма ажыратылып атырған қаржы 1 триллион сумнан асар екен, бул абаданлық дегени. Бул қаржылар қанша мектеп, қанша бақша, емлеўхана дегени. Бул қанша жол, аўыллардың көрки ҳәм қанша жумыс орны дегени...

Бул халқымыздың барлық арзыў-нийетлериниң орынланыўы дегени. Бул кимге болып атыр, халқымызға, оның разылығына ерисиў, бахытлы, абадан турмыста жасаўы ушын исленбекте.

Қашан Қарақалпақстанға Өзбекстандағы барлық ҳәкимлер келген! Биз алдын бундай жағдайды көрмегенбиз. Аймақлардағы ең зор исбилерменлер бүгин елимизге келди. Егер, олар Қарақалпақстандағы 17 қала-районлардан ҳәр бири бир мәҳәллени алса, 17 мәҳәлле абаданласады. Ҳәр бири биреўден кәрхана ашса 17 кәрхана болады, ҳәр бири мектеп қурса 17 мектеп болады.

Улыўма айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға бол­ған гезектеги сапары гүллән халқымыз бенен бирге биз мәнаўиятшыларды және де толқынландырып, елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумысларды буннан былай да жетилистириў бағдарындағы дөретиўшилик ислеримизге қанат бағышлағанын жасыра алмаймыз.

Татлымурат Атамуратов,

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF