ИЛАЖЛАР НӘТИЙЖЕЛИ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ
Елимизде пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўде мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң (МКШ) ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларының әҳмийети үлкен. Оларды қоллап-қуўатлаў арқалы демократиялық мәмлекетти пайда етиў, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетимиздиң социал-сиясий ҳәм социал-экономикалық потенциалын жетилистириў мүмкиншилигине ийемиз.
Сонлықтанда, Республикамызда әмелге асырылып атырған реформаларда белсенди қатнасыўшы ҳәм бирге ислесиўши шерик сыпатында МКШлардың ролин және де күшейтиў ҳәм оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонды тәрепинен өткен 2021-жылы бир қатар әмелий илажлар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Президентимиздиң 2021-жыл 3-марттағы ҒМәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, олардың жумысының еркинлигин, ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындаҒғы қарарына муўапық, жергиликли бюджет есабынан 1,0 млрд. сумнан артық қаржы (400,0 млн. сумы мәмлекетлик грантлары ушын, 600,0 млн. сумы мәмлекетлик социаллық буйыртпа ушын) ажыратылған еди.
Солай етип, жәмийетлик фонд тәрепинен 2021-жылы социаллық буйыртпа ҳәм мәмлекетлик грантлар ушын жәми 18 жойбарға 925,1 млн. сумнан артық қаржылар ажыратылды.
Усы ажыратылған қаржылар тийкарында халқымыз арасындағы кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысынан айырылған шаңарақларға социаллық жәрдемлер көрсетиў, руўхый түскинликке түскен ҳаял-қызларды кең жәмийетшилик ислерине тартыў, нураныйларымызды қоллап-қуўатлаў, майыплылығы болған шахсларды жәмийетте өз орнын табыўға көмеклесиў, пуқаралардың ҳуқықларының бузылыўының алдын алыў ҳәм олардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў, көзи әззилер ҳәм имканияты шекленген пуқараларға жәрдем көрсетиў, сондай-ақ, келешегимиз болған жасларды жәмийеттеги белсендилиги ҳәм 2021-жыл октябрь айында болып өткен Президентлик сайлаўларда олардың толық қатнасыўына ерисиўди мақсет еткен жойбарлар қаржылай қоллап-қуўатланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-марттағы қарары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы пәрманына тийкар республикамыз аймағындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерине Нөкис қаласында ҒДослық үйиҒ имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде 45 МКШ ҳәм миллий-мәдений орайлар өз жумысларын алып бармақта. Олардың бир имаратта жайласыўы, илаж өткерилиўи ушын зал ҳәм басқа да керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи жумысларының нәтийжелилиги ушын хызмет етип атыр.
Өткен жылы Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен 21 жөнелисти өз ишине қамтыған 8 таңлаў жәрияланды. 2022-жылы да Жәмийетлик фонд тәрепинен бул ислер даўам еттириледи. 2021-жылдағы жеңимпаз болған жойбар ийелери бүгинги күнде өз жойбарларының алдына қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларын орынлап, есабатларын тапсырып атыр. Биз, фонд ўәкиллери, бул жойбарлардың белгиленген мүддет дәўиринде алдына қойылған мақсетлерине ерисиўи ушын мониторинг жумысларын даўамлы алып барып атырмыз. Соның менен бул әмелге асырылып атырған жойбарлардың кең жәмийетшиликке ҒХҚ арқалы жеткерилиўи бойынша 40тан аслам теле-радио материаллар менен бирге интернет сайтларында, газета-журналларда мақалалар жәрияланды. Жәмийетлик фонд тәрепинен жойбар таярлаў ҳәм жеңимпаз болған жойбарлардың мақсетли жумыс алып барылыўында тийисли мәсләҳәтлер берилип атыр. Алдағы ўақытлары биз жойбар таярлаўды үйретиў бойынша семинар-тренинглер өткериўди жобаластырып атырмыз. Жәмийетлик фондтың ўазыйпасы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў арқалы жәмийетимизде көмекке мүтәж тараўларды қоллап-қуўатлаў, зәрүрли идеяларды қаржыландырыўдан ибарат.
Жәмийетлик фонд тәрепинен 2022-жыл ушын Мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпаларды қоллап-қуўатлаўды талап ететуғын әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынып, тийкарғы ис-илажлар бағдарламасы ислеп шығылды. Усы илажларды өз ўақтында мақсетли ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға ҳәм МКШ ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа да институтлары ўәкиллерин белсене қатнасыўға шақырамыз.
Парахат ТУРДЫМУРАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды директоры.