Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:12:28, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФОРУМ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ МЕНЕН ӨЗГЕШЕ БОЛДЫ

Мойнақ районы Мәденият ҳәм «Future Muynak» орайларында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Инновациялық раўажландырыў басқармасы тәрепинен «MUYNАK INNO­VАTION FORUM» форумы ҳәм «Жас инноваторлар» көргизбеси шөлкемлестирилди.

Илажға 400ден аслам студент-жаслар ҳәм илимпазлар қатнасты.

Илажды өткериўден тийкарғы мақсет — кең жәми­йетшиликти илим ҳәм техника тараўындағы жаңа технологиялар менен таныстырыў, инновациялық технологияларды ғалаба қолланыў көлемин кеңейтиўге қәўендерлер санын көбейтиў, илим ҳәм техниканың ҳәр қыйлы тараўларында, соның ишинде, экология тараўында инновацияны раўажландырыў, киши исбилерменлик субъектлерине инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда өним ислеп шығарыўға инвестиция киргизиўди қоллап-қуўатлаў,  жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм сту­дент­лери арасында илимий-техникалық мағлыўматлар алмасыўын жолға қойыў,  жас инициаторлар ушын мотивациялық сәўбетлер өткериўден ибарат.

Форум шеңберинде жаслар, илимий ашылыўлардың авторлары, товар ислеп шығарыўшылар ҳәм хызмет көрсетиўшилер өз жетискенликлерин таныстырыў имканиятына ийе болды. Буннан тысқары, форум қатнасыўшыларының заманагөй технологиялар ҳәм информациялық программалар, мобиль программалары презентациялары шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламалары менен район аймағында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар, реформалардың нәтийжелери менен кеңнен таныстырыў мақсетинде форумға қатнасыўшы жаслар ушын саяхат шөлкемлестирилди.

Форумда бир қатар пикир-усыныслар билдирилип, оның нәтийжеси бойынша жасларды ҳәм илимпазларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде илимий мақалалар китабын баспадан шығарыў келисип алынды. Форум қатнасыўшылары бир-бири менен тиккелей сәўбетлесип, тәжирийбе алмасып, бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF