ЖҮРЕК ЖЫЛЫЎЫН БАҒЫШЛАҒАН ӘДИЎЛИ УСТАЗҒА ҲҮРМЕТ
Келешек әўладқа тәлим тәрбия бериў, оны туўры жолға баслаў, керек жеринде достындай сырлас болып кеўлине жол таба алыў нағыз пидайы устазларға болған тән қәсийет.
Солай екен, билимлендириў тараўында узақ жыллар даўамында жас әўладларды тәрбиялаўдай әдиўли ҳәм машақатлы кәсипке жүрек жылыўын, меҳирин берип, перзентлеримиздиң өмирден алжаспай өз орнын табыўында пидайы мийнет етип киятырған қәдирдан устазлардың орны айрықша. Соның ушын да халқымызда «Устаз атаңдай уллы» деп оларға бәрқулла сый-ҳүрмет көрсетип келген. Бүгинги күнде де елимизде пидайы устазлар мийнетлери ҳәм халқымызға көрсеткен хызметлери ҳүрмет пенен тилге алынады, қәдирленеди. Жақында пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде халық билимлендириў тараўының ветераны, Өзбекстан халық муғаллими Рысгүл Уснатдинованың 80 жыллық юбилейи мүнәсибетине шөлкемлестирилген кешени мектеп директоры М.Досназаров ашты. Буннан соң Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлими методисти Д.Айтмуратова, сондай-ақ, устаздың заманласлары, оқытқан шәкиртлери ветеран устаздың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында шығып сөйлеп, жақсы тилеклерин билдирди. Кеше қатнасыўшыларының атап өткениндей, Рысгул Уснатдинова 1942-жылы 1-март күни Нөкис қаласында дүньяға келген. Оның балалығы урыс жыллары ҳәм халық хожалығын қайта тиклеўдиң қыйын жылларына туўра келген. Әкеси Уснатдин Пахратдинов фронтқа кеткенликтен оның тәрбиясы менен анасы шуғылланады. Жаслайынан илим-билим ийелеўге қуштарлығы Рысгүлди пайтахтымыздағы ҳәзирги 3-санлы ҳәм 37-санлы мектепте оқып жүрген пайтында да, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қарақалпақ филологиясы ҳәм тарийх факультетинде тәлим алған жылларында да пүткил қәлбин ийелеп, алға қарай талпындырды. 1964-жылы өзи оқыған 3-санлы мектепте дәслепки мийнет жолын баслап, 40 жыл билимлендириў тараўында аянбай хызмет етти. Сабақ өтиў барысында жаңа методикалық усыллардан пайдаланып, оқыўшылардың ҳәм студентлериниң тереңнен билим алыўында өз билим ҳәм тәжирийбесин жумсады. Атап айтқанда, К.Убайдуллаев атындағы муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтында жас оқытыўшылар ушын мазмунлы лекциялар оқыды. Республикалық Ҳаял-қызлар комитетинде шаңарақ ҳәм руўзыгершилик бөлимин басқарды. Бир неше мәрте «Жыл мектеби» ҳәм басқа да таңлаўларда төрешилер қурамының баслығы болды. Оның авторлығында 5-класслар ушын «Қарақалпақ тилин оқытыў методикасы» оқыў қолланбасы жарық көрген болса, басқа авторлар менен биргеликте 9-класслар ушын «Қарақалпақ әдебияты» сабақлығын дүзиўге белсене қатнасты. 1978-жылы муғаллимлердиң пүткил аўқамлық съездине делегат болып қатнасып, бул бойынша сол жылы Өзбекстан ҳүжжетли хроникалық киностудиясының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен «Муғаллим» атлы қысқа метражлы фильм түсирилди. Сондай-ақ, ол Қарақалпақстанда бириншилерден болып «Өзбекстан халық муғаллими» атағына миясар болған бахытлы ҳаял.
— Муғаллимшилик кәсибин таңлағанымнан ҳеш қашан налымайман. Өмирим мазмунына айланған кәсибимниң арқасында абырай мәртебеге еристим. Өмирлик жолдасым менен татыў шаңарақ қурып, алланың бийбаҳа инамы болған перзентлерди дүньяға келтирип, ҳеш бирин қатарынан кем етпей камалға келтирип, қатарға қостық. Ҳаял адам ушын буннан артық бахыт бар ма?! Себеби, ҳаялдың шаңарағы тыныш болса, қостары демеў болса ғана бәрине имкан табады, -дейди ол.
Өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабулов пенен 9 перзентти тәрбиялап, камалға келтирди. Бәри де оқымыслы болып жәмийетте өз орнын тапты. Олардан ҳәзирги ўақытта бири-биринен сүйкимли бир неше ақлық ҳәм шаўлықлар көрип, ақыл кеңесин айтып, сүйикли кемпир апасына айланған.
Илажда устаздың ақлық-шаўлықлары атқарыўында шайыр Т.Қабуловтың қәлеминен дөреген тақмақлар тыңланып, қатнасыўшыларға мектеп оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.