БИРГЕ ИСЛЕСИЎ БОЙЫНША МЕМОРАНДУМҒА ҚОЛ ҚОЙЫЛДЫ
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент ҳаял-қызлар арасында «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў» атамасында ашық сәўбетлесиў өткерилди.
Илажда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм университеттиң Ҳаял-қызлар Кеңесиниң ўәкиллери, Жоқарғы Кеңес ҳәм Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў аймақлық орайының хызметкерлери, «Депутат ҳаял-қызлар клубы»ның ағзалары қатнасты.
Онда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде 2019-жыл 2-сентябрь күни Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Онда мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары сыпатында гендер сиясаты, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм стратегияларды ислеп шығыў, әмелге асырыў, басым ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў орталығын жаратыў, жәмийетте бул бойынша ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў, нызамлылықты беккемлеў, нәтийжели шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин жаратыў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының бирге ислесиўин тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
Шаңарақлық қатнасықларды ҳәм қәдириятларды сақлаў, шаңарақлардың ажырасып кетиўлерин кескин азайтыў, миллет генофондын сақлаўға қаратылған тәрбиялық жумысларды жеделлестириў, ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм шаңарағында көбирек болыўы ушын шараят жаратыў, ҳаял-қызларға қолайлы жумыс ўақтын белгилеў, узақ ўақыт даўамында сырт елде болып қайтқан ҳаял-қызлардың социаллық реабилитациясын тәмийинлеў, аўыр социаллық жағдайға түсип қалғанларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпаларды партия өзиниң баслы ўазыйпаларының бири деп есаплайды.
Сонлықтан, ҳаял-қызлардың машқалаларына ҳуқықый ҳәм әмелий шешимлер табыў мақсетинде партия жанында «Депутат ҳаял-қызлар клубы» шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде нәтийжели жумыс алып бармақта. Аймақлық кеңеслер жанында «Исеним телефоны» ҳәм ҳаял-қызлардың мүрәжатлары менен ислесиў бойынша телеграмм социаллық тармағында «@MTАYollarmurojaatiBot» иске түсирилди.
Ашық сәўбетлесиўде мәмлекетимизде адам саўдасы, нызамсыз миграция ҳәм турмыслық зорлық мәселелерине байланыслы ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
Илажда ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды күшейтиў мақсетинде ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, ҚМУдың Ҳаял-қызлар Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў аймақлық орайы арасында өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.