Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:59:27, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖИГЕРЛИ ЖАСЛАР ИСЛЕГЕН ЖЕРДЕ

Президентимиз тәрепинен жаратылған жаңа бағдар — ҳәким жәрдемшиси лаўазымы енгизилгенли берли аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жумысларының жеделлесиўине тийкар жаратылмақта.

Дурысында да, олар пуқаралар жыйынлары баслықларының ҳақыйқый қол-қанатына айланбақта. Яғный, мәҳәлледеги ҳақыйқый жағдайды үйрениўди өз алдына мақсет етип қойғаны менен ажыралып турады.

Шаңарақларды үйме-үй аралап жүриў нәтийжесинде көпшилик пуқаралардың машқалалары унамлы шешимин таўып атырғаны бүгинги күнниң ҳақыйқаты. Мине, билек сыбанып жаслық жигер менен жумыс баслаған Елликқала районындағы «Истиқлол» мәҳәлле пуқаралар жыйынының ҳәким жәрдемшиси Умар Давлетов жумыс баслағанына онша көп ўақыт болмаса да, жетеқаба жумыслардың жөнге түсиўине себепши болды. Атап айт­қанда, мәҳәлле баслығы Баҳрам Бабажанов, ҳәким жәрдемшиси У.Давлетов ҳәм жаслар жетекшиси Х.Аматовлар биргеликте көше атламай, ҳәр бир шаңарақты барып, ҳал-жағдайынан хабар алыўды, жасаў шараятын көзден өткериўди күнделикли жумысында дәстүрге айландырған.

— Мәҳәллениң ҳақыйқый жағдайын үйрениў, турғынларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик пенен шуғылланыўды нийет­легенлерге жәрдем бериў, машқалаларын сапластырыў бағдарында шерикликте ислесиўимиз нәтийжеси бой көрсетип атыр. Аймағымызда 505 шаңарақта 2200ден аслам адам жасайды. Солардың 435и l6-30 жастағы жаслар. Бүгинги күнге l0 жасқа l0 сотыхтан l гектарға шекем он жылға ижараға жер берилди. l5 жумыссыз пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Буннан тыс­қары, 5 шаңараққа кредит алыўға жәрдем берилди. l0 пуқараның өзин-өзи бәнт етиўине қол-қабысымызды тийгиздик. Ал, 2 шаңарақта биогумус төгинин ислеп шығарыў жолға қойылды. Мине, бул жумысларды атқарыўда ҳәким жәрдемшиси ҳәм жаслар жетекшиси белсендилик көрсетти, - дейди «Истиқлол» МПЖ баслығы Б.Бабажанов. 

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: жумыс пайытынан көринис.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF