Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:24:54, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛДИРИЛГЕН  ИСЕНИМ ЖУЎАПКЕРШИЛИК ЖҮКЛЕЙДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша мәмлекетлик сия­саттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында 2022-жылдың 1-январынан баслап барлық аймақлардағы мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ра­йон (қала) ҳәкиминиң жәрдемшиси лаўазымы енгизилген еди.

Биз пайтахтымыздағы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйыныҳәким жәрдемшиси Абутов Жеңис Мейлисович пенен бул бағдардағы исленип атыр­ған жумыслар бойынша мағлыўмат алыў ушын излеп барғанымызда, оны аймақтағы «Шорахан» көшесиндеги жолға төгилип атырған қум-щебен араласпасы жайылып атырған қызғын жумыс пайытында ушыраттық. Атап өтиў орынлы, бул көше бойында мектеп ҳәм балалар бақшасы жайласқан. Биз оған ҳармасын айтып, сәўбетке тарттық. 

— Жеңис Мейлисо­вич! Ҳәр қандай қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында инсан қәдир-қымбаты, оның еркинлиги ҳәм мәплерин қорғаў, бүгинги турмысынан разы болып жасаўы ушын шараятлар жаратыўдан ибарат. Солай екен, сиз алдыңызға қандай мақсетлер қойдыңыз ҳәм жумысты неден басладыңыз?

— Әлбетте, ҳәр бир инсан өмирде бахытлы жасаў­ға ҳақылы, деп ойлайман. Қалаберди, өмиримиз мазмуны болған перзентлеримизге туўры тәрбия бериў, олардың өмирден алжаспай өз орнын табыўында жол көрсетиў ҳәр бир инсанның ўазыйпасы деп билемен. Бүгин ҳәр бир тараўда жаңаланыўлар, алға қарай раўажланыўлар анағурлым дәрежеде жоқары. Халық санасы оянды, ҳәрекет етип мийнет етсең ҳәмме есиклер ашылатуғынлығын түсинип жетти.  Биз жумыс баслағанымызға еки ай болған болса да усы дәўир ишинде бир қанша жумысларды әмелге асырыўға еристик ҳәм ҳәрекеттемиз. Өз ўазыйпама кирисер екенмен, халықтың исенимине ерисе аламан ба, олардың жүгин қай дәрежеде жеңиллете аламан, деген ойлар өтти. Өз гезегинде, Елбасшымыздың бизге бол­ған исеними, алдымызға қойған ўазыйпалар  жуўапкершилигимизди күшейтти. Өз ўазыйпамды биринши нәўбетте мәҳәллениң социаллық-экономикалық жағдайын шаңарақ дәрежесинде үйрениў мақсетинде ҳәр бир үйге кирип турмыс кешириў жағдайларын үйрениўден басладым. Сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыўдың ишки имканиятларын анықлаўдан, турақлы дәрамат дерегине ийе болмаған, жумыссыз пуқаралардың санын анықлаў ҳәм оларды қысқа ўақыт ишинде жумыс пенен тәмийинлеўде исбилерменликке үйретиўши оқыў орайларына бағдарлаў, жеңиллетилген кредитлер алыўына жәрдем бериў, қалаберди, мәҳәллемиздиң ишки инфраструктурасын жақсылаўға, атап айтқанда, көшелерди оңлаў, жақтыландырыў, бос турған имарат ҳәм жер майданларын анықлап, оларды белгиленген тәртипте исбилерменлик субъектлерине ажыратыў сыяқлы режелер дүзилип, тийисли шөлкемлерге усыныслар киргизилди.

— Аймағыңыздағы халық машқаласын үйрениўде, оның нәтийжели шешим табыўында көбирек қайсы тәреплерине итибар қаратып атырсыз?

— Аймақта жасаўшы халықтың шараятлары үйренилип, олардың машқалаларын шешиў бойынша ис-илажлар режеси ислеп шығылды. Яғный, машқалалар әҳмийетлилик дәрежеси бо­йынша классификацияланып, биринши нәўбетте тез арада шешилиўи керек болған мәселелер, атап айтқанда, пуқараның денсаўлығы менен байланыслы болған жағдайларға итибарымызды қараттық. Мәселен, еки пуқарамызға Ташкент қаласына барып операция ислетип қайтыўы ушын ордер алыўына, 2 пуқарамызға еситиў аппаратын алыўында және майыплығы болған 4 инсанның электрон арбаша  алыўына жәрдем берилди. Соның менен бирге, қысқа ўақыт ишинде шешиўге болатуғын машқалалар да бар екенлиги анықланып, оларды сапластырыўға ҳәрекет етип атырмыз. Бизге келип исбилермен болыў тилегин билдирген аймақ турғынларының исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын жеңиллетилген кредитлер алыўына қол қабысымызды тийгиздик. Алдағы ўақытларда итибарымызды шешилиўи қурамалырақ болған комплексли илажларды әмелге асырыўды талап ететуғын машқалаларға қаратып атырмыз.

 Бүгинги күнде аймағымызда 735 хожалық болып, оларда жәми 4209 пуқара жасап келмекте. Усы күнге шекем аймақта жасаўшы 14 пуқара өзлериниң машқалаларын шешиўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Олар тийкарынан жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кредит ҳәм субсидиялар алыў, денсаўлығын тиклеўде әмелий жәрдем бериў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжатлар болып табылады. Соннан 8 пуқараның мүрәжаты унамлы шешимин тапқан болса, 6 пуқараның мүрәжатын қанаатландырыў бойынша жумыс алып барып атырмыз.

— Мәмлекетимизде исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда бир қанша ислер әмелге асырылмақта. Атап өткениңиздей, исбилермен болыў тилегин билдирип мүрәжат пенен келгенлерге жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидия­лар алыўында қандай жәрдем көрсетип атырсыз?

— Әлбетте, аймағымызда исбилермен болыў тилегин билдирген пуқараларымыз жүдә көп. Атап айтқанда, олардың арасында ислеп шығарыў тараўында кондитер өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қоймақшы, тигиўшилик цехын ашпақшы болған ҳаял-қызларымыз өз алдыларына қойған мақсетлерин айтып, бизиң бунда қандай көмегимиз тийетуғынын сорап пикирлесип атырғанлар баршылық. Соның менен бирге, хызмет көрсетиў тараўында шаштәрезлик, етикшилик хызмети менен шуғылланбақшы болып мүрәжат еткен пуқараларымыз бар. Ҳәзирги күнде 7 аймақ тур­ғынымызға исбилерменлик хызметин баслаўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен  жеңиллетилген кредитлер ҳәм субси­диялар алыўында әмелий жәрдемлер көрсетилди.

 Бул сыяқлы алып барылып атырған кең көлемли ислер ҳәм жаратылып атырған имканиятлар өз гезегинде халқымыздың турмыс шараятының жақсыланыўында, төгин-шашынлықта дәўран сүрип, елимиздиң экономикасының жақсыланыўына тийкар жаратады, деп ойлайман.   

— Жасырарлығы жоқ, бүгинги күнде жумыссызлық мәселеси көпшиликти қыйнап киятыр­ған машқала. Аймақтағы жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў, олардың дус келген маш­қаласын унамлы шешиў қай дәрежеде әмелге асырылмақта?  

—  Әңгимемиз барысында атап өткенимиздей, аймақтағы ҳәр бир шаңараққа кирип, олардың жағдайлары менен танысып  сәўбетлестик. Оларды қыйнап киятыр­ған машқаланың түп негизи неде екенлигин анықлаўға ҳәрекет еттик ҳәм оларды сапластырыў жолларын қарастырып атырмыз.

Ҳәзирги күнде аймағымызда жәми 142 жумыссыз пуқараларымыз анықланды ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында  бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы күнге  шекем үш пуқараны жумыс пенен тәми­йинлеўге ерискен болсақ, және сегизи жумыс пенен тәмийинлениў алдында тур. Қалған пуқараларымыздың да бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларды мәўсимлик жумысларға тартыў илажларын көрип атырмыз.

Сәўбетлескен:

Зоя ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF