ХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИ БЕККЕМЛЕНБЕКТЕ
Усы жылдың 23-февраль күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын ең дәслеп Мойнақ районынан баслаўы, бәрше заманласларымыз, әсиресе, экологиялық қыйын шараятта жасап ҳәм мийнет етип атырған мойнақшылар ушын жүдә қуўанышлы ўақыя болды.
Президент самолётының биринши мәрте Мойнақ аэропортына қоныўы, алдынғы сапарларының биринде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билдирилген «Мәденият — Мойнақтан басланады» деген пикирлерди және бир мәрте тастыйықлады.
Президентимиздиң мойнақшыларға қарата, «Жаңа Өзбекстанымыздағы Жаңа Мойнақ аэропортында сизлер менен көрисип турғанымнан жүдә қуўанышлыман. Бүгин жети емес, жетпис ойлап сиясат жүргизиў талап етилип атыр», деген пикирлерди билдириўи, район белсендилерин және де толқынландырып, пидайылық пенен ислеўге ийтермелемекте.
Ташкент-Мойнақ-Нөкис жөнелисинде авиарейслердиң жолға қойылыўы тек ғана мойнақшылар ушын емес, ал пүткил халқымыз ушын үлкен жаңалық болыўы менен бирге, аймақтың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында үлкен орын тутады.
Президентимиз Арал теңизиниң қурыған ултанына барып, жағдайды үйренди. Районның экологиялық шараятын есапқа алған ҳалда, Мойнақта «Жасыл аймақ»лар басқа орынларға қарағанда көбирек зәрүр екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, 2018-жылы Мойнаққа сапары даўамында шорға шыдамлы өсимликлерди егиў ушын белгиленген ўазыйпалар бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилип, экологлар ҳәм тоғай хожалығы қәнигелери менен сәўбетлесип, Аралбойының флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша 5 жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул өз гезегинде аймақта экологиялық жағдайлардың жумсарыўына ҳәм Аралбойы аймағында жасаўшы халықтың саламатлығының беккемлениўине үлкен тийкар болады.
Мәмлекетимиз басшысы мектеплерде баслаўыш класс оқыўшыларына бийпул аўқат бериў бойынша әмелге асырылып атырған «Қарақалпақстан тәжирийбеси»ниң басқа ўәлаятларда да жолға қойылатуғынын атап өтти.
Бул бағдардағы алып барылып атырған ҳәр бир әмелий жумыслар келешегимиз болған жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат болып камалға келиўине хызмет етеди.
Президентимиз Тахтакөпир районына да барып, «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ халқы менен сәўбетлести. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилериниң мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша пикир-усынысларын тыңлады.
Шоманай районындағы 2020-жылы иске түсирилген, 7 мың тоннадан аcлам жип таярлаў қуўатлылығына ийе болған ҳәм өткен жылы 51 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, дерлик 5 миллион долларлық өними экспортқа шығарылған «Шоманай экотекс» кәрханасының жумысы менен жақыннан танысты. Әҳмийетлиси сонда, кәрханада 500 жумыс орны шөлкемлестирилген болып, әсиресе ҳаял-қызлардың турақлы жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди.
Президентимиздиң Қараөзек ҳәм Беруний районларында қурылыўы режелестирилген самал электр станциясы қурылысын баслаў ушын ирге тасын қойыў илажында қатнасыўы — сапар даўамындағы ең үлкен жаңалықлардың бири болды.
Улыўмаластырып айтқанда, мәмлекет басшысы тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда Қарақалпақстан шараятында үлкен имканиятлар болып, оннан нәтийжели пайдаланыў талап етиледи.
Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған сапарынан халқымыз жүдә қуўанышлы болып, бул өз гезегинде олардың Қарақалпақстанда экологиялық жағдайлардың жақсыланыўына, халықтың абаданлығының және де артыўына болған исеними беккемленбекте.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.