Ўатан абатлыҒы мӘҲӘлледен басланады
Мәҳәллелерде «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илажлар даўам етип, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынларда абаданластырыў, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлери де өткен бир күн даўамында усындай илаж шөлкемлестирди.
Олар «Келешек әўладымыз ушын өз мәҳәллемизде «Жасыл мәкан» жаратайық!» сүрени астында өткерилген усы илаж даўамында Нөкис қаласындағы «Қызылқум» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында мәҳәлле белсендилери менен бирге абаданластырыў жумысларын алып барды.
Ийгиликли нийетлер менен жол бойындағы кең көшениң әтирапларына 200 ге шамалас мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Орынларда жойбар шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.