МИЛЛИЙ АРМИЯМЫЗ ЖАСЛАРДЫҢ КӨЗҚАРАСЫНДА
Нөкис қаласындағы «Ўатансүйиўшилик бағы»нда Беруний, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласынан келген мыңнан аслам жаслар қатнасында «Миллий армиямыз жаслардың көзқарасында» сүрени астында әскерий-Ўатансүйиўшилик фестивалы болып өтти.
Илаж Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының басламасы менен Өзбекстан жаслар ислери агентлиги ҳәм жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеслери, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди.
Жасларда айрықша қызығыўшылық оятқан фестиваль шеңберинде жаслар арасында тимбилдинг, оқ жайдан атыў, шахмат-шашка, арқан тартысыў, стол тенниси, альпинизм, велосипед жәрдеминде тосқынлықлардан өтиў сыяқлы қызықлы жарыслар шөлкемлестирилип, жеңимпазлар Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Усы күни Нөкис қаласындағы «Ўатансүйиўшилик бағы» жаслар менен толы болды. Спорт жарысларынан тысқары, художниклердиң инсан ҳәм тәбият қатнасын бирлестирген сүўретлеў өнериниң үлгилери, әскерий хызметкерлер ҳәм жаслар турмысынан алынған сүўретлер қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.
Қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалардың көргизбеси жасларға миллий армиямыздың бүгинги күш-қүдиретин көрсеткен болса, бағ ишиндеги «Еслеў» музейи өтмиштиң қанлы қатарлары менен жазылған бетлериндеги қарақалпақстанлылардың көрсеткен ерлиги, фронт артындағы пидәкерлик хызметлери ҳаққында мағлыўматқа ийе болды.
Әскерий бөлим әскерлери тәрепинен таярланған ҳүрметли қараўыл ҳәм қол урысы элементлери бойынша көргизбели шығыўлар жасларда қызығыўшылық оятты. Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы оркестри жәмәәтиниң атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар бәршеге көтериңки кейпият бағышлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.