«БАЖЫХАНА МӘЛИЙКАЛАРЫ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Мәмлекетлик бажыхана тараўында хызмет атқарып киятырған ҳаял-қызлар арасында «Бажыхана мәлийкалары» республикалық таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен өткерилген таңлаўда қатнасқан бажыханашы қызлар өзлериниң билими, аспазлық шеберлиги ҳәм шаққанлығын сыннан өткерип, бес басқыш бойынша беллести.
Жуўмағында «Хожели» шегера бажыхана постының инспекторы Айсулыў Турдымуратова Қарақалпақстан Республикасының «Бажыхана мәлийкасы» деп табылды. Екинши орынды «Хожели» шегера бажыхана постының инспекторы Махсура Ибраимова, үшинши орынды «Даўыт ата» шегера бажыхана постының инспекторы Гүлхан Исметуллаева ийеледи.
Айсулыў Турдымуратова енди таңлаўдың аймақлық басқышында хорезмли кәсиплеслери менен беллеседи.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.