КЕЛЕШЕККЕ ИСЕНИМЛИ ҚӘДЕМЛЕР МЕНЕН
Президентимиздиң 2021-жыл 24-декабрьдеги «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы және «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине финанслық еркинлик бериў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары елимиздиң жоқары оқыў орынлары ушын үлкен әҳмийетке ийе тарийхый ҳүжжет, келешекке қарай тасланған исенимли қәдем болды, деп айтыў мүмкин.
Итибарлы тәрепи, бул ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи жетик, билимли қәниге кадрлар таярлаў бойынша дүнья билимлендириў процесине үйлесиўине кең жол ашады. Бул қарарларда жоқары билимлендириў мәкемелеринде бюрократияға тийкарланған басқарыў системасынан ўаз кешиў ҳәм олардың әмелде еркинлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, жаңа тәртипке муўапық, 2022-жыл 1-январьдан баслап, мәмлекетимиздеги ең абырайлы 35 жоқары оқыў орнына финанслық еркинлик берилди.
Президентимиз қарарларының турмысқа енгизилиўи Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жәмәәтине де үлкен ўазыйпалар жүклейди.
Мәкемемизде ҳәзирги күнде 16 факультет, 51 кафедра, магистратура ҳәм сыртқы бөлим болып, 900 дан аслам профессор-оқытыўшылар жасларға билим берип келмекте. Бакалавриатта 67 тәлим бағдары ҳәм магистратурада 50 қәнигелик бойынша жәми 25009 студент оқып атыр.
Усы күнге шекем тәлим тили ҳәм түри жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша арнаўлы мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленген болса, буннан былай оларды академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин алған жоқары оқыў орынларының өзи белгилейди. Бәринен бурын, Президентимиздиң қарарлары билимлендириў мәкемелериниң мийнет базары талапларына тез бейимлесиўине хызмет етеди. Алдымызда студентлерди қабыллаў процесин жетилистириў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет базары менен интеграцияны әмелге асырыўдай жуўапкершиликли ўазыйпалар тур.
2022-2023-оқыў жылынан баслап, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, басқарыў жумысын жетилистириў мақсетинде университет қурамы дүзилиси жаңаланбақта. Кейинги жыллары студентлер санының кескин көбейиўи, жаңа билимлендириў бағдарлары, сыртқы ҳәм кешки бөлимлер ашылғаны себепли, тийкарғы штатта жумыс ислеп атырған профессор-оқытыўшылар саны 429 дан 934 ге жетти.
Қарарларда жоқары оқыў орынларының илимий потенциалын жоқарылатыўға үлкен итибар қаратылған. Төлемли-шәртнама тийкарында докторантураны жолға қойыў, шөлкемлер ҳәм кәрханалардың талабы тийкарында докторантларды төлемли-шәртнама тийкарында оқытыў имканияты жаратылмақта. Усы ўақытқа шекем илим докторларына 4-6ға шекем, илим кандидатларына 2-3 докторантларға илимий басшылыққа ўәкиллик берилген болса, енди бул шеклер де алып тасланды.
Президентимиздиң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Профессионал билимлендириў системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында көп тармақлы оқыў орайы ҳәм әмелият полигонын шөлкемлестириў мақсетинде 720 орынға мөлшерленген Шымбай аўыл хожалығы, Тақыятас ҳәм Кегейли агросанаат кәсип-өнер колледжлери университет қарамағына өткерилди. Ҳәзирги ўақытта бул оқыў орынларының имаратларында оңлаў және оларды зәрүр қураллар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, ЖООлар студентлердиң шәртнама пулларын төлеў мүддетин белгилеў, бул мүддетти создырыў ямаса қысқартыў, билимлендириў процесинде заманагөй педагогикалық технологияларды қоллана алатуғын, илимий изертлеўлер өткериў қәбилетине ийе жергиликли ҳәм сырт ел профессор-оқытыўшыларын тартыў, өз қаржылары есабынан студентлер ушын стипендия ҳәм грантлар ажыратыў, сырт еллерден оқыў ҳәм илимий әдебиятлар, сабақлықлар ҳәм қолланбаларды тиккелей сатып алыў ҳуқықына ийе болмақта.
Университетимиздиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен кейинги жыллары 150 ден артық сабақлық ҳәм 200 ден зыят қолланбалар басып шығарылғанын айтып өтиў орынлы.
Жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик берилиўи билимлендириўдиң сапасын раўажланған мәмлекетлердеги уқсас мәкемелер дәрежесине жеткериўге тийкар жаратты.
Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 2-октябрьде Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында белгилеп берген тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек, Тахтакөпир және Мойнақ районларында жасайтуғын абитуриентлерден 5 жыл ислеп бериў шәрти менен шәртнама тийкарында жәми 454 жас жеңиллетилген түрде оқыўға қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта және орта арнаўлы билимлендириў мектеплериниң питкериўшилери арасында ҳәр жылы февраль айында химия, биология, физика ҳәм математика бағдарлары бойынша университет тәрепинен көп басқышлы пән олимпиадасының өткерип барылыўы жолға қойылды. Бул олимпиадаларда сыйлы орынларға ерискен оқыўшылар университетимизге грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи.
Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети жанындағы Шет тиллерин оқытыўдың инновациялық методикаларын раўажландырыў республикалық илимий-әмелий орайының Қарақалпақстан бөлими университет жанында шөлкемлестирилди. Бул қарардың орынланыўын тәмийинлеў ушын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы жәми 17 қәнигелестирилген улыўма орта билимлендириў мектеби университетимиздиң кафедраларына бириктирилди.
Ҳәр қандай мәмлекеттиң раўажланыўы, оның келешеги тиккелей билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўына байланыслы. Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар мәмлекетимиз тарийхында шын мәнисинде жоқары билимлендириў системасындағы реформаларды жаңа басқышқа көтерди. Бул халқымыз әрманындағы Үшинши Ренессанстың әҳмийетли тийкарларынан бири болды, десек, қәтелеспеймиз.
Ахмет РЕЙМОВ,
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, профессор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.