Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:40:55, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАСЫЛЛАР КЕЛИНШЕГИ — ГӨЗЗАЛ БӘҲӘРИМ

Әлбетте, ҳәр пасылдың өзине жараса жылўалары, атқаратуғын хызметлери, биз билген, билмеген, базы да кү­тил­ген, күтилмеген инамлары бар. Себеби, қубылмалы тәбият деген.

Быйыл да қысқы тоқсан өзиниң еншисине тийген пайын адақлап, бирде суўық, бирде жайлы келген жаймашуўақ күнлери артта қалып, «даң­ғарасы жер жарып», ҳәммемиз қатты сағыныш ҳәм асығыслық пенен күткен ояныў, жасарыў ҳәм жаңаланыў паслы болған Нәўбәҳәр ана тәбият босағасын атлады. Қыс­тың соңғы күнлеринен баслап ақ, бәҳәрдиң нәпеси сезилип, көклемниң елпип ескен жанға жағымлы самалы жүзлериңди де, кеўиллериңди де қытықлап, бийғубар сезимлерге бө­лейди. Суўық күнлерде үйден шықпай, кең далада шапқылап ойнаўды сағынған балалардың қуўа­нысып, жуўырысып ойнап, шақалақлап күлген даўыслары әтирапқа тарамақта. Ал, суўықтан тоңлаған ана жер жибисип, топырақтың астында жатырып, алтын қуяш нурларын сағынған, уйқыдағы көклем сүйриклери болса көкке бой созыўға таярланбақта. Әне саған, ҳә демей-ақ тобарсып жат­қан жер бети, өзиниң жылдағы жасыл липасын жамылады. Соның ушында бул мақпал мәўсимди ҳәр биримиз асығыслық пенен күткенбиз. Тийкар­ғысы, ояныў ҳәм жаңаланыў паслында ҳәр биримиздиң кеўиллеримизди өзгеше илаҳий сезимлер бийлеп алып, кеўиллеримиз қуўанышқа бөленип, көтериңки руўхта жүремиз.

Әзелий баба дийқанларымыз болса өзлериниң бийбаҳа қурал-сайманы болған нышлы бел, кетпенин ийнине салып, таң азаннан атыз бойлап, жап жағалайды. Пирли қоллары менен туқым таслайтуғын атызларын көзден өткерип, жап-салмаларын тазалап, бурқыраған нәў­пир суўдың келиўин асығыслық пенен күтеди. Ал, шарўаларымыз болса малларының қыстан шығынсыз шыққанына қуўанып, көктеги жайлаўлардың от-шөпке көмилиўин, ана тәбият көз жасын аямай төгиўин тилейди. Шопанлар мәўсим келиўден мал-ҳалын жайлаўға айдап, қысы менен өриси тар бол­ған жәниўарлар аяқ жазып, кең далада сағынған көгинен татады. Күн суўытқаннан уйқыға кеткен қурт-қумырысқа, түрли жәнликлер оянып, өз тиришилиги ушын ҳәрекетке кирисип, ҳәр тәрепке өрип кетеди. Түрли му­қам­ға дөнетуғын пасылдың өзине тән жылўалары қаншама дейсиз. Жапырақларынан сып-сыйдам болған дарақлар бүртик шығарып, бой жеткен қыздай ҳәр тәрепке бир қарап, наз бенен салланып, гөззаллық инам ететуғын жасыл липасын жамыла баслайды.  

Жийи-жийи гүлдирмама гүркиреп, туқым сағын­ған атызларды, тийкарғысы, көклерди ләрзеге келтирип, шахмақлар үсти-үстине жалт-жулт етип, көклемниң кирип келгенин аңлатады. Бәҳәрдиң күн ара шелеклеп қуйған қара нөсери болса топырақты қамырдай ийлейди.

Әлбетте, «Тур-турдан хабар келсе, уйқыдан маза қашар» дегениндей, гүл­дирмаманың гүркиреген сестинен, нөсер жаўыннан йош алған сүйриклер қылтыйып бой көрсетип, Ана-тәбиятымыз шырайына шырай қосады. 

Көп узамай қуяш нурларынан нәр алған тереклер назлы ырғалып, мийўе ағашлары гүллеп, хошҳүрей, жағымлы ийислери менен әтирапқа пайыз бағышлайды. Буннан заўықланған қуслар түрли муқамда сайрайды. Өзлериниң атларын айтып тәкирарлаўдан жалықпайтуғын, сыйқырлы сулыўлыққа ийе әтшөклер, өпепеклер, ал, тереклерди өзиниң сүйир тумсығы менен тынбай тоқылдатып жүрген тоқылдаўықлар да ҳәммени Нәўбәҳәр менен қутлықлайды.

Үлкемизге мақпал мәў­симде, 8-март Ҳаял-қызлар байрамыда қоса келип, бәрше қыз-жаўанлар қулпырған гүлдей ашылады. Сәл өтип, мусылманның жыл басы болған, халқымыздың миллийлигин өзинде жәмлеген биз ынтығып күткен қутлы сәне — Наўрыз байрамын жетегине ертип келеди. «Той десе қуў бас жумалайды» дегениндей, жети жасар баладан жетпис жасар қарияға дейин жақсы көретуғын байрам тамашаларының қызығы өз алдына бир төбе.  

 Қулласы, алтын қуяш өзиниң шарапатлы нурларын бар меҳри менен шашып, пүткүл әлемди, барлық тиришиликти ҳәрекетке келтирип, уйқыдағы тәбиятқа түртки берип, тиришилик бағышлайды.

Бәршеңиз сағына күткен, пасыллар келиншеги — гөззал бәҳәриңиз бенен, дослар!

С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF