Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:46:50, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МИЛЛИЙ АРМИЯМЫЗ ЖАСЛАР НӘЗЕРИНДЕ»

Жақында Елликқала районындағы «Ибн-Сино» мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан Бостан орайлық стадионында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде район ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкемине қараслы Елликқала районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы, районлық Қорғаныў бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайының районлық, Жаслар ислери агентлиги, туризм ҳәм спорт, Халық билимлендириў бөлимлери тәрепинен «Миллий армиямыз жаслар нәзеринде» атамасындағы илаж өткерилди.

Илаж таң азаннан ра­йон ҳәкими С.Авезовтың басшылығында райондағы барлық мәкеме ҳәм кәрхана басшылары менен биргеликте «Саламат турмыс ушын 5000 қәдем» жүриў марафоны акциясы менен басланып, бунда қатнасыўшылар ра­йонлық Халық билимлендириў бөлими имараты алдынан район ҳәкимлигиниң имараты алдына шекемги аралықтағы жолды пияда жүрип өтти ҳәм район ҳәкимлигиниң имараты алдындағы стадионда азанғы дене тәрбия шынығыўларын өткерди.

Буннан кейин Бостан орайлық стадионында әскерий-ўатансүйиўшилик илажларына старт берилди. Соңынан «Ватанпарвар» шөл­кеминиң районлық оқыў ҳәм спорт-техника клубы тәрепинен айдаўшыларды таярлаўда пайдаланылатуғын оқыў автомобильлери, спорт әсбап-үскенелери, модель спорт түрлери ҳәм спорт техникаларының көргизбеси болып өтти. Оқ жайдан оқ атыў, әскерий техникалардың көргизбеси ҳәм әскерий хызметкерлердиң шығыўлары мәҳәлле жасларына жоқары кейпият инам етти.

Илаж жуўмағында мәҳәлле жаслары районлық мәденият бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасын тамашалап, кеўилли заўық алды.

Усы атамадағы илаж Беруний районындағы «Тынышлық» аўыллық пуқаралар жыйынында да болып өтти.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF