УЛЫҒЛАЎҒА МИЯСАР ХУДОЖНИК
Художник — ол жүректен сөйлейди. Әлем гөззаллығын жүреги арқалы қыл қәлем менен инсанлар қәлбине жеткерип береди. Республикамыздың көркем өнериниң раўажланыўында салмақлы үлеси бар дөретиўшилердиң бири Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилер аўқамы ағзасы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратов.
Ол дәслеп сүўретлеў көркем өнерине 1974-жылдан баслап кирип келди. Қарақалпақ халқының тарийхый ўақыяларын ҳәм тулғаларын, үрп-әдет дәстүрлерин өз дөретпелеринде сәўлелендирип миллий мийрасымызды сақлап қалыўдағы жанкүйерлиги менен халқымызға танылды.
Б.Айтмуратов 1986-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында дәслеп сахналастырыўшы художник, кейин ала бас художник болып жумыс иследи, көплеген спектакль ҳәм пьесалардың сахналарында безеў жумысларын алып барды. Ол театр жәмәәти менен 1993-жылы Түркменстанның Ашхабад ҳәм Ташкент қалаларында өткерилген халықаралық театр фестивальларында «Шәрьяр» ҳәм «Заўал» спектакльлери, 2007-жылы Египет ҳәм Ашхабад қалаларында Жас тамашагөйлер театры жәмәәти қурамында «Миллий фольклор ҳәм театр өнери халықаралық фестивалы»на «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» спектакльлериниң сахналық безелиўине қатнасты.
1996-жылы Ташкентте Әмир Темурдың 660 жыллығына бағышлап өткерилген халықаралық таңлаўда «Әмир Темур саўаш алдынан» картинасы ушын, 1998-жылы Бердақ Қарғабай улының 170 жыллығына бағышланған «Бердақ художниклер нәзеринде» таңлаўында «Бердақ триптих» картинасы ушын биринши орынларды алды. Усындай пидайы мийнетлери арқасында 1991-жылы Қарақалпақстан Жаслар аўқамы сыйлығының лауреаты, 1996-жылы «Ерназар Алакөз» ири көлемдеги картинасы ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 2009-жылы Өзбекстан Республикасы көркем өнер академиясының гүмис медалы менен сыйлықланды, 2021-жылы «Қарақалпақстан халық художниги» ҳүрметли атағы берилди.
Жақында оның «Тарийхтағы бабаларым тулғасы» жеке көргизбеси шөлкемлестирилди. Художник дөреткен тарийхый жанрдағы картиналары ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи коллекциясында сақланып келмекте. Музей экспозициясында «Ерназар Алакөз», «Маман бий», «Едиге», «Айдос баба», «Қырық қыз», «Тумарис» ҳәм басқа да тарийхый жанрда исленген портрет ҳәм картиналары орын алған. Бул тарийхый картиналар арқалы тамашагөйлер өткен әсирлердеги бабалар өтмиши, олардың үрп-әдет дәстүрлери, миллий кийимлери, тағыншақлары ҳаққында кеңнен мағлыўматқа ийе болады.
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде шөлкемлестирилген бул көргизбениң ашылыў салтанатында музей директоры Айжамал Юсупова, Өзбекстанға мийнети сиңген жаслар устазы Жеңис Лепесов, Қарақалпақстан жаслар устазы Абдулла Раджапов, Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Өтегенова, Өзбекстан көркем өнер Академиясы академиги Сәрсенбай Байбосынов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов, Алпысбай Султанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, художниктиң дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында пикирлерин билдирди. Көргизбе салтанатлы түрде ашылған соң жыйналған аламан художниктиң картиналары менен жақыннан танысты.
Б.КАРАМАТДИНОВА.
М.Ҳәбийбуллаевтың
түсирген сүўрети.