ДАЎЫСЛЫ СВЕТОФОРЛАР ОРНАТЫЛМАҚТА
Мәмлекетимизде инсан мәпи ҳәм оның қәдир-қымбаты, ҳуқық ҳәм еркинликлери қорғалыўы нызам шеңберинде белгиленген. Арамызда сондай инсанлар бар өзгелер жәрдемине, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўға мүтәж.
Жақында пайтахтымыздағы Аллаяр Досназаров көшесиндеги светофорға көзи әззи инсанлардың жолды кесип өтиўинде жәрдеми тийетуғын даўыслы қурылма орнатылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызмети хабар берди. Айтыўынша, бул даўыслы қурылма көзи әззи инсанлардың автомобиль жолын кесип өтиўинде светофордың жанған шырақлары бойынша даўыслы хабар жеткерип турады. Әлбетте, бул көзи әззи инсанлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта, Нөкис қаласындағы «Қарақалпақстан» көшеси менен «Найман» көшеси кесилиспесине қурылыўы режелестирилмекте.
Биз Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Қуўатбай Шарапов пенен ушырасып сөзге тарттық: — Биз бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде жүз берип атырған жаңаланыўлардан, Елбасшымыздың итибарынан жүдә қуўанышлымыз. Атап өтиў орынлы, майыплығы болған инсанлардың мүшкилин жеңиллетиў бағдарында көп ғана ибратлы ислер әмелге асырылмақта. Өткен жылы ҳүкиметимиз тәрепинен «Нексия-3» маркалы хызмет автомашинасы тапсырылды. Ал, жақында бизиң мәкемемиз жанындағы жол бойындағы светофорға даўыслы қурылманың орнатылыўы майыплығы болған инсанлар ушын жүдә жақсы жаңалық болды. Себеби, көзи әззи инсан әтираптағы болып атырған қубылысларды көбирик сес арқалы өзине қабыл етеди. Биз усындай жаратылған имканияттан жүдә миннетдармыз,- дейди толқынланып...
Ҳақыйқатында да, даўыслы светофорлар алдағы ўақытларда қаламызда ҳәм басқа да районларымызда орнатылса, өзгениң көмегине мүтәж инсанлардың мүшкиллерин жеңиллестириўге хызмет етиўине гүман жоқ.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.