ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДА
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.
— Қарардың орынланыўы бойынша турақлы түрде қадағалаў жумыслары алып барылды ҳәм усы тийкарда бағдарламаға киргизилген объектлер орынларға шыққан ҳалда үйренилди,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары Батыр Матмуратов. — Усы объектлерде алып барылып атырған жумыслар толық талланып шығылды. Жүзеге келген машқалаларды орынларда шешиў илажлары көрилди.
Усы қарар менен 1 мың 359 жойбарда 12 триллион 316,8 миллиард сумлық кең көлемли жумыслардың әмелге асырылыўы ҳәм 17 мың 529 жаңа жумыс орны жаратылыўы белгиленди. Усы жылдың 20-февралына әмелде 9,1 триллион сумлық жәми 1 мың 134 жойбар иске түсирилди ҳәм 9 мың 72 жаңа жумыс орны жаратылды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, өткен жылы республикамыз бойынша мәмлекетлик, аймақлық инвестиция бағдарламалары және қосымша (резерв) жойбарлардың есабынан 5 триллион 576,5 миллиард сумлық 782 жойбар әмелге асырылып, 7708 жумыс орны жаратылды. Сондай-ақ, быйылғы жылы мәмлекетлик ҳәм аймақлық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде 3,7 триллион сумлық 735 жойбарды әмелге асырыў арқалы 14 мың 181 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соннан мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы бойынша 11 жойбар иске түсирилип, 858 жаңа жумыс орны жаратылады. Аймақлық инвестициялық бағдарлама бойынша болса 2,665 триллион сумлық 724 жойбар әмелге асырылып, 13323 жаңа жумыс орны жаратылады.
Комитет тәрепинен 2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы ушын жуўапкер етип аймақларға бириктирилген министрликлер, мәкеме, кәрхана, коммерциялық банк ўәкиллериниң қатнасыўында оның орынланыў жағдайы, инициаторлардың мәселелерди шешиўи, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»не киргизилген шаңарақлар ҳәм жаслар менен ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў және олар бойынша мәнзилли жумыслар шөлкемлестирилмекте.
Социаллық жақтан шараяты аўыр категорияларға киргизилген 45 пуқаралар жыйынындағы жағдай жуўапкер министрлик, мәкеме, кәрхана, коммерциялық банк ўәкиллери менен биргеликте үйренип шығылды. Олардың бас схемаларын қайтадан көрип шығыў жумыслары шөлкемлестирилди. Усы пуқаралар жыйынларында әмелге асырылып атырған жумысларды муўапықластырып барыўшы арнаўлы «Штаб»лар шөлкемлестирилди. Мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында халықтың жасаў шараятларын жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў, пуқаралар жыйынларының орны және ролин күшейтиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилди.
Усы 45 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынында 59 километрлик электр узатыў тармағы тартылып, 41 трансформатор пункти ҳәм 1441 бетон столба орнатылды. Бул жумыслар ушын 5,2 миллиард сум сарыпланды. Сондай-ақ, 11 газ бөлистириў пункти, 9 километр газ ҳәм 73 километр ишимлик суў тармағы толық оңланды. Буннан тысқары, 45 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынында жаңадан 75 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, округлер кесиминде аймақларға бириктирилген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатларының қатнасында депутатлық қадағалаў орнатыў бойынша оқыў-семинарлары өткерилди. Халықаралық қаржы институтлары ҳәм жеке инвесторлар тәрепинен ажыратылатуғын инвестициялар талланып шығылды. Ҳәзир республикамыздың социаллық тараў ҳәм инфраструктура системасын раўажландырыў мақсетинде 20 перспективалы жойбар шеңберинде 1326,7 миллион АҚШ долларлық қаржы ажыратылыўы режелестирилген.
Атап айтқанда, коммуналлық тараўда 3, инфраструктураны раўажландырыў бағдарында 4, суў хожалығында 2, аўыл хожалығы тараўында 2, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша 1, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўларында биреўден, денсаўлықты сақлаўда 3 ҳәм басқа тараўларда 3 жойбардың әмелге асырылыўы күтилмекте.
Раўажланыў дәрежеси төмен болған Бозатаў, Тахтакөпир, Шоманай районларында әмелге асырылып атырған жойбарлар өз алдына көрип шығылды. Ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша пикир-усыныслар таярланып, басшыларға усынылды.
Сенаторлардың орынларда пуқаралар менен алып барған сөйлесиўлери даўамында Тахтакөпир районындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебин толық оңлаўды быйылғы жылғы инвестиция бағдарламасына киргизиў бойынша мүрәжат еткен еди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм басқа жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер менен алып барылған сөйлесиўлер нәтийжесинде усы мектеп быйылғы жылы оңланатуғын объектлердиң дизимине киргизилди.
Сенат Кенгашиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша уйымлараралық Жумысшы топар шөлкемлестирилип, «Жол картасы» ҳәм «Медиа реже» ислеп шығылды. Оған муўапық қарарда белгиленген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша қатаң қадағалаў орнатылды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси менен биргеликте пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм хызметкерлериниң сиясий-ҳуқықый саўатын арттырыў бойынша районлар кесиминде оқыў курслары шөлкемлестирилди.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумыслар даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.