МОЙНАҚТА BPO-SCHOOL ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов Қарақалпақстан Республикасына сапары шеңберинде Мойнақ районында шөлкемлестирилген BPO-school жумысы менен жақыннан танысты.
Мәлимлеме коммуникация технологиялары министри ол жерде жаслар ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятларды көзден өткерди.
BPO-schoolдың шөлкемлестирилиўи мойнақлы жасларға инглис тили ҳәм BPO хызметлерин үйренип, келешекте Мойнақтың өзинен сырт елге хызметлер экспортын әмелге асырыў имканиятын береди.
Болажақ BPO қәнигелер АҚШта жүк тасыў машиналары бизнес процесин Мойнақта турып басқарады. Олар өз елинде сырт ел тәжирийбеси ҳәм жоқары дәрамат алыў имканиятына ийе болады.
Сапар етиў даўамында МКТ министри бул оқыў орайына жасларды тартыў, оларға инглис тилин тереңлестирилген жағдайда үйретиў керек екенин ҳәм BPO хызметлерин дурыс жолға қойыў бойынша тапсырмалар берди.
Республикада МКТ тараўын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары қатарында IT-исбилерменлик, соның ишинде, BPO хызметлерин көрсетиў арқалы IT-өнимлер ҳәм хызметлер экспортын көбейтиў мақсет етилгени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги