Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:41:49, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АБАДАН ТУРМЫС КЕІИЛДЕН БАСЛАНАДЫ

Үлкемизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўине де санаўлы күнлер қалды. Жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсими алдынан ҳәр бир ўатанласымызды өзиниң жасап атырған аймағын, көшесин ҳәм мәҳәллесин абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыўға шақырыў мақсетинде республикамызда «Жасыл мәкан» акциясына старт берилген еди.

19-20-февраль күнлери аралығында өткерилген «Жасыл мәкан» акциясын өткериўден тийкарғы мақсет — халықтың, әсиресе, жаслардың санасына «Абадан турмыс кеўилден басланады» деген түсиникти терең сиңдириў, өз үйин, мәҳәллесин таза ҳәм азада сақлаў, абат болыўына өз үлесин қосыў, бул процесслерге жәмлескен ҳалда жәмәәт болып қатнасыўдан ибарат.

 «Жасыл мәкан» улыўма миллий акциясы шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери Елликқала районында да еки күн даўамында беккем жәмлескенлик руўхында болып өтти.

Райондағы барлық аўылҳәм мәҳәллелерде жойбар шеңберинде мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ислерине район ҳәкиминиң басшылығында ҳәким орынбасарлары, депутатлар, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, мәҳәлле лердеги ҳәким жәрдемшилери, мәҳәлле белсендилери менен биргеликте район халқы, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери белсене қатнасты.

Райондағы «Жалолиддин Мангуберди» атындағы демалыс бағына район ҳәкими, оның орынбасарлары, сектор, мәкеме-кәрхана басшылары, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасында саяманлы терек нәллери отырғызылды.

Еки күн даўамында болып өткен акция шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислерине жасларда қатнасып, олар тәрепинен аймақларға саяманлы терек нәллери егилди.

Районда быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының «Жасыл жыллық» улыўма миллий жойбары бойынша мүрәжаты шеңберинде әмелге асырылатуғын анық ҳәм мәнзилли ис-илажлардың бағдарламасы ислеп шығылып, орынлаўға қаратылған. Бул бойынша районның ҳәр бир секторында исши топарлар шөлкемлестирилип, күнлик қадағалаў орнатылған.

Бағдарлама шеңберинде районда быйылғы жылда жәми 1 млн. 21 мың түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў режелестирилген. Бүгинги күнде районның барлық секторлар аймақларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери қызғын пәтлер менен әмелге асырылмақта.

* * *

«Жасыл мәкан» улыўма миллий акциясы шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери Беруний районында да болып өтти. Райондағы 40 мәкан пуқаралар жыйынларында аймақларды тазалаў, абаданластырыў, мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызыў ислери жәмлескенлик руўхында алып барылды. Акция даўамында район сәрдарлары ҳәм волонтёр жаслары тәрепинен жаңа жойбар шөлкемлестирилди.

Усы жойбар тийкарында «Экофест» ҳәм «Экопатруль» акциясы шөлкемлестирилип, район тазалығына өз үлеслерин қосты. Аймақларға егилген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери аймақлардың ықлым шараятларынан келип шыққан ҳалда суў көп талап етпейтуғын сортларынан егилди. Әлбетте, бул процесслер көп жыллық тәжирийбеге ийе бағманлар ҳәм экологлардың мәсләҳәтлери менен әмелге асырылды.
Райондағы «Пахтакор» МПЖ баслығы У.Атажанов ҳәм ҳәким жәрдемшиси С.Садуллаев мәҳәлледеги имканияты шекленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қыйтақ жерлерине мийўели терек нәллерин егип, акция даўамында бәршеге өрнек болды.

Еки күн даўамында болып өткен акция шеңберинде мәҳәллелердиң аймақларындағы салмалардың бойларына, қыйтақ жерлердеги бос турған орынларға да район халқы тәрепинен мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.

Районда «Жасыл мәкан» акциясы шеңбериндеги илажлар кәрхана ҳәм мәкемелерде де болып өтти. Район ҳәкиминиң орынбасары А.Қурбаниязов акция даўамында мәлимлеме-китапхана орайы ҳәм Жаслар бағына саяманлы терек нәллерин егип, акцияға мүнәсип үлесин қосты.

Бир сөз бенен айтқанда, берунийлилерге тән болған сабырлылық ҳәм мийнеткешлик қәсийети еки күн даўамында район халқын тәбиятты асыраў, ана-Ўатан топырағын және де гүллендириўдей ийгиликли мақсетке қарай бирлестирди.

Улыўмаластырып айтқанда, районда 202l-жыл гүз ҳәм 2022-жыл бәҳәр мәўсиминде жәми l млн. 68 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў белгиленген болса, соннан 202l-жылдың ноябрь-декабрь айларында 53l мың 77l түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилген. Ал, 2022-жылдың бәҳәр мәўсиминде болса, 587 мың 485 түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў белгиленген.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Елликқала ҳәм Беруний районларында «Жасыл мәкан» улыўма миллий акциясы шеңберинде өткерилген илажлардан көринислер.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF