«АРАЛДАҒЫ БАҒЫМ» ЖОЙБАРЫ: МАҚСЕТ МАШҚАЛАЛАРДЫ САПЛАСТЫРЫЎ ҲӘМ ТУРИСТЛЕР САНЫН АРТТЫРЫЎ
Президентимиздиң 2020-жыл 12-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда, Арал теңизиниң қурып кетиўи ақыбетлерин сапластырыў және туристлердиң санын көбейтиў мақсетинде «Аралдағы бағым» (My garden in the Aral Sea) агро-экотуризм бағдарындағы жойбары ислеп шығылды.
Халықаралық инновациялық орайдың ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң басламасы менен ислеп шығылған жойбардың тийкарғы мақсети, сырт елли туристлер ҳәм жергиликли халықтың Арал теңизи машқаласына бийпәрўа болмай, оның ақыбетлерин сапластырыўға, яғный Аралбойын көклемзарластырыў жумысларына өзлериниң үлеслерин қосыўға шақырыў болып табылады. Усы илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде Өзбекстанда биринши мәрте халық тәрепинен көклемзарластырыў жойбары ҳәм краудфандинг (халық тәрепинен қаржыландырыў) платформасы жаратылды. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен жойбар 542,7 миллион сум муғдарында қаржыландырылды.
-Жойбар ушын «Мойнақ» тәжирийбе-өндирислик участкасында 1,8 гектар жер майданы ажыратылып, бүгинги күнге шекем 17 түрдеги жәми 3383 терек нәли егилди,-дейди Халықаралық инновациялық орай директорының илим ҳәм өндирис бойынша орынбасары Камалатдин Идирисов. –Буннан тысқары жойбар шеңберинде өсимликлер бағын кеңейтиў мақсетинде Арал теңизиниң қурығын түбинде ажыратылған 42 гектар майданға 42 мың түп сексеўил, қандым, терескен нәли егилди. Өткен жылы Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен жойбарды кеңейтиў ушын 30,4 гектар жер майданы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта бағдың аймағын кеңейтиў жумыслары алып барылмақта.
Қәнигелердиң атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы менен биргеликте Мойнақ районында өткерилген «Бир миллион терек» ғалабалық акциясында түрли шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат қатнасыўшылар «Аралдағы бағым» жойбары ушын ажыратылған майданға көплеген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.
Жойбарды сырт елли туристлердиң арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде (рус ҳәм инглиз тиллеринде) буклетлер таярланып, аэропорт, темир жол вокзалы, Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районы орайындағы мийманханаларға, сондай-ақ, туристлер көп келетуғын дыққатқа ылайықлы орынларға тарқатылды. Жойбарда қатнасыў ушын сырт еллилерди кеңнен тартыў мақсетинде 200 ге шамалас сырт елли шериклерге хат жиберилди. Нөкис-Мойнақ автотрассасы бойындағы реклама тахталарына баннерлер илип қойылды.
Аралықтан турып терек нәллерин сатып алыў ҳәм егиўди әмелге асырыў ушын эквайринрг системасы менен тәмийинленген арнаўлы www.aralforest.org веб-сайты жаратылды ҳәм 2020-жылдың февраль айында иске түсирилди.
Жойбарды ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў мақсетинде 4 тилде реклама ролиги ислеп шығылып, видеолар Нөкис халықаралық аэропорты ҳәм темир жол вокзалының күтиў бөлмелерине жайластырылды. Нәллердиң өсиўи ҳәм раўажланыўын бақлап, турақлы мониторинг етип барыў ушын бағдың аймағына видеокамера орнатылды.
«Мойнақ» тәжирийбе-өндирислик участкасында жойбар шеңберинде терек нәллерин суў менен тәмийинлеў ушын өткен жылы тамшылатып суўғарыў системасы орнатылды ҳәм 3 дана жер асты скважинасын бураўлаў жумыслары алып барылды. Ҳәзирги ўақытта усы жойбарды қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық ҳәм жергиликли инвесторлар, сондай-ақ, бирге ислесиў бойынша дүзилген орайдың бирге ислесиўшилери тартылмақта. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта республикамыздың халқы, сырт елли туристлер, шөлкемлер жойбарға айрықша қызығыўшылық билдирмекте ҳәм Аралбойы аймағын көклемзарластырыў ушын қайырқомлық қаржыларын өткермекте. Усының нәтийжесинде көплеген мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери Арал теңизи аймағында жайласқан участкаларға егилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) Өзбекстандағы ўәкилханасы, Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы, Өзбекстандағы Гёте институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм басқа да бир қатар шөлкемлер менен оқыў орынлары қайырқомлық қаржыларын ажыратты. Олар тәрепинен ажыратылған бул қаржылар Аралбойы аймағын көклемзарластырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға айтарлықтай үлес болып қосылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы