Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:42:51, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПРЕЗИДЕНТ МЕКТЕБИНДЕ ЖАЗЫЎШЫЛАР МИЙМАНДА

Нөкис қаласындағы Президент мектебинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жәмәәти менен дөретиўшилик ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеӊесбай Каримов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери,  Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмон, Қарақалпақстан  халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев,  Жазыўшылар аўқамы бөлим баслығы Шерзод Ирзоев, шайыр ҳәм аўдармашы Шоди Отамурод қатнасты. Көтериӊки руўхта өткен ушырасыўда шайырлар қарақалпақ дияры ҳәм мийнеткеш халқына бағышланған дөретпелери менен таныстырып, олардан оқып берди.

Әдебий ушырасыўда мектеп китапханасына Жазыўшылар аўқамы қәўендерлигинде басып шығарылған 200 дана китап тапсырылды. Сондай-ақ, жазыўшылар жәмәәтине мектептиӊ қарақалпақ тилиндеги “Ушқын” журналы саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF