«ИСЕНИМ ТЕЛЕФОНЫ»НА КЕЛГЕН МҮРӘЖАТ УНАМЛЫ ШЕШИМИН ТАПТЫ
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң «Исеним телефоны» на келген пуқара М.А.ның мүрәжаты Төрткүл районы Әдиллик бөлими тәрепинен үйренип шығылып, унамлы шешилди.
-Үйрениў даўамында Төрткүл районы Мәденият бөлиминиң мағлыўматына қарағанда, пуқара М.А.дан 32 миллион 795мың 313 (отыз еки миллион жети жүз тоқсан бес мың үш жүз он үш мың) сум үстеме төлем қарыздарлығы барлығы анықланды,-дейди Төрткүл районы Әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси Мансур Нураддинов.- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Өзбекстан Республикасы Мәдиният министрлигиниң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 11-бәнтинде 2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлер ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир системасы енгизилгенге шекем Мәденият министрлиги, аймақлық мәденият басқармалары, қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджетинен усы қәрежетлер ушын Мәденият министрлиги жанындағы мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан материаллық хошаметлеў түрлери енгизилген.
Мүрәжатты үйрениў даўамында районлық Әдиллик бөлими тәрепинен судқа арза берилип, пуқара М.А.ға есапланған, бирақ төленбеген мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген 32795313 (отыз еки миллион жети жүз тоқсан бес мың үш жүз он үш мың) сум үстеме төлемди өндириў бойынша судтың буйрығы шығарылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги