ИШИМЛИК СУЎ ТӘМИЙНАТЫН ЖАҚСЫЛАЎДА ӘҲМИЙЕТЛИ ЖОЙБАРЛАР
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026 жылларға мөлшерленген Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық быйылғы жылы республикамызда ишимлик суўы ҳәм ақаба суў шығарыў системасын раўажландырыў бойынша 37 ишимлик суўы ҳәм ақаба суў объектинде қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыў ушын 108 миллиард сум қаржы ажыратылыўы, соның есабынан 316 километр ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармағы, 20 орында ишимлик суўы ҳәм ақаба суў объектин қурыў және реконструкция жумысларын әмелге асырыў режелестирилмекте.
-Быйылғы жылы социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 7 объектте улыўма узынлығы 77 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы, 2 дана суў объекти қурылады,-дейди «Ўзсувтаъминот» акционерлик жәмийетиниң бас қәнигеси Исламжан Абдуллаев.-Сондай-ақ, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында жәми 64 миллиард сум қаржы есабынан 30 объектте улыўма узынлығы 239 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы қурылып, 18 дана ишимлик ҳәм ақаба суў объекти пайдаланыўға тапсырылады.
Қәнигениң атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги «Азия раўажланыў банки қатнасында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суў системаларын раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Азия раўажланыў банкиниң 145 миллион долларлық қаржысы есабынан «Нөкис, Беруний, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларының ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў» жойбары әмелге асырылмақта. Бүгинги күни «Түйемойын» суў тазалаў объектиниң екинши көтерме насос станциясындағы үскенелерди демонтажлаў ислери алып барылмақта. Сондай-ақ, Нөкис районы бойынша жойбар-смета жумыслары жуўмақланып, тендер саўдасын өткериў күтилмекте. Беруний, Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары бойынша жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп шығылмақта. Бул жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 385 мың халықтың ишимлик суў тәмийнаты жақсыланады.
Республикамызда ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў шығарыў системаларын раўажландырыў бойынша өткен жылдың өзинде 131 объектте қурылыс-монтажлаў жумысларын алып барыў ушын 180,7 миллиард сум қаржы ажыратылып, соның есабынан 631,6 километр ишимлик суўы ҳәм 25,8 километр ақаба суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, 117 объектте қурылыс-монтажлаў жумыслары жуўмақланып, 14 объект жылдан-жылға өтиўши етип белгиленди ҳәм усы жылдың Инвестиялық бағдарламасына киргизилди.
2022-2025-жылларға мөлшерленген 78,0 миллион долларды қурайтуғын «Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районлары орайларында ақаба суў системасын реконструкциялаў» жойбары шеңберинде аймақларда 164,6 километр ақаба суў тармағы ҳәм 4 ақаба суў тазалаў объектин қурыў жумыслары әмелге асырылады. Нәтийжеде Нөкис қаласында 306 мың, Тақыятас ҳәм Хожели районларында 106 мың халық орайластырылған канализация тармағына жалғанып, қала ҳәм район орайларының санитариялық-эпидемиологиялық жағдайы жақсыланады. Режелестирилген жумыслардың әмелге асырылыўы менен быйылғы жылдың ақырында орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси 68,1 проценттен 70,4 процентке, ақаба суў хызмети менен тәмийинленгенлик 8,1 проценттен 8,4 процентке жеткериледи.
Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген «2022-2026 жылларға мөлшерленген Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманына муўапық республикамызда 2022-2026 жылларда барлық дәреклер есабынан 3198,2 километр ишимлик, 438,6 километр ақаба суў тармағының, 114 орында ишимлик ҳәм ақаба суў объектиниң қурылыс жумыслары әмелге асырылады. Нәтийжеде 2026 жылда орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик 90 процентке, ақаба суў хызмети менен тәмийинлеў дәрежеси 24,6 процентке жеткериледи. Соннан 415 мың халық биринши мәрте ишимлик суўы менен тәмийинленип, 638,2 мың халықтың ишимлик суў тәмийнаты, 417,9 мың халыққа ақаба суў хызметиниң жақсыланыўына ерисиледи.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.