УНИВЕРСИТЕТТЕ МЕДИА ОРАЙ ИСКЕ ТҮСТИ
Ҳәзирги күнде мәлимлеме технологиялары тез пәт пенен раўажланбақта. Жасларды заманагөй оқыў системасы арқалы оқытыў, ең соңғы техникалар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Мине, усындай имканиятлардан бири — Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң журналистика қәнигелиги студентлери ушын жаратып берилди. Жақында университетте Медиа орайдың салтанатлы ашылыў кешеси болып өтти. Кешеге факультет деканы Қ.Турдыбаев, журналистика кафедрасының баслығы Д.Бекбаўлиев ҳәм басқа да устазлар, студент-жаслар қатнасты.
Медиа орай ең заманагөй әсбап-үскенелер: камера, даўыс жазыў машиналары, компьютер, информациялық көрсетиўлерди таярлайтуғын техникалар, жақтыртқыш шырақлары ҳәм басқа да үскенелер менен толық тәмийинленген болып, енди студентлер сабақ процесинде усы қураллардан әмелиятта пайдаланыў мүмкиншилигине де ийе. Көзлеринде от жанып, «Бундай имканиятлардан пайдаланбасам болмайды» деп турған жаслар өзлериниң шеберлигин көрсетиўге кирисип, жаңа басламалар менен шығыўға ҳәрекетти баслап жиберди.
Сондай-ақ, бул орайдың ашылыўына «Ўзбекистон-24» телеканалының журналисти Назира Мамбетшарипова да қатнасты ҳәм бул жерде шөлкемлестирилген шараятлар менен жақыннан танысты. Соң журналистика қәнигелигиниң студентлери ушын шеберлик сабағын шөлкемлестирди. Семинар даўамында телевидениеге қызығатуғын, усы тараўда ислеймен дейтуғын жаслар менен пикирлести ҳәм оларды Қарақалпақстан телевидениесинде өткерилетуғын кастингке мирәт етти. Шеберлик сабағы соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Азизбек ДАБЫЛОВ,
ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 3-курс студенти.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.