Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:01:58, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУРАҚ ЖАЙ ДАЎЛАРЫ ҚАЛАЙ ШЕШИЛЕДИ!

Судларда турақ жай даўлары менен байланыслы пуқаралық ислер Өзбекстан Республикасы Турақ жай кодекси ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Турақ жай даўлары бойынша суд әмелияты ҳаққында»ғы 2001-жыл 14-сентябрьдеги қарарында белгиленген нормаларға тийкарланып көрип шығылады.

Тийкарынан судлар жеке ҳәм мәмлекетлик турақ жай фондларына қараслы турақ жайларды ижараға бериўши, ижараға алыўшылар, олардың шаңарақ ағзалары ортасындағы турақ жай қатнасықлары бойынша жүзеге келген даўларды, турақ жай қурыў ҳәм турақ жай кооперативи менен пуқаралар ортасындағы турақ жай қатнасықларынан келип шығатуғын даўларды, мәмлекетлик турақ жай фондының турақ жайға берилген ҳүжжетти ҳақыйқый емес деп табыў, ижара шәртнамасын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ҳақ­қындағы даўларды, Турақ жай кодексиниң 71-74, 7, 85-статьяларында көрсетилген тийкарлар бойынша турақ жайдан шығарыў менен байланыслы даўларды, пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелери тийкарында жүзеге келетуғын турақ жай менен байланыслы даўлар, жер участкалары мәмлекетлик яки жәмийетлик мүтәж­ликлер ушын алып қойылыўы мүнәсибети менен жүзеге келетуғын даўларды шешиў ўәкиллигине ийе.

Жеке мүлкинде жайы бар пуқаралар ержеткен шаңарақ ағзаларының келисими менен басқа пуқараларды турақ жайға көширип киргизиўге, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте ижараға бериўге ҳақылы.

Мүлк ийеси, оның шаңарақ ағзалары, ижарашы ҳәм шаңарақ ағзалары арасында турақ жай мәселесинде келип шыққан тартыслар суд тәртибинде шешиледи ҳәм даўлы жайда жасаўшы ержеткен барлық шахслар иске қатнастырылыўы лазым.

Суд әмелиятынан алып қарайтуғын болсақ, бүгинги күнде көп ушырасатуғын даўлардың бири — жайға киргизиў, турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан, деп табыў ҳаққындағы ислер. Онда қәйин ата ҳәм қәйин енелер тәрепинен үйинен шығып кеткен келинлерине қарата турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан деп табыў ҳәм келинлердиң ата-енелерине қарата жайға киргизиў ҳәм турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын белгилеў ҳақ­қындағы даўалар болып табылады.

Атап өтиў лазым, Өзбекстан Республикасы Турақ жай кодексиниң 52-статьясына бола, муниципиал, ведомстволық турақ жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал турақ жай фонды үйлериндеги турақ жайды ижараға алыўшы, оның шаңарақ ағзалары яки ижараға алыўшы менен турақлы жасап атырған пуқаралар ўақтынша болмағанында, алты ай мүддет даўамында олардың есабында сақланып турады. Егер, 6 айдан өтип кетсе ғана турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықы жоғалады.

Буннан басқа да суд әмелиятында ерли-зайыплылардың биргеликте жасаған дәўиринде алынған турақ жайларды бөлиў, мийрас мүлк болған турақ жайларды бөлиў ҳаққындағы ислер көп ушырасады.

Нотариал тәртипте дүзилген турақ жайдың алды-сатты шәртнамасында сатыўшы ҳәм оның шаңарақ ағзаларының турақ жай дизиминен шығып кетиў мүддети көрсетилген болса, усы мүддет тамамланған күннен, мүддет көрсетилмеген болса шәртнама дүзилген күн­нен баслап олар турақ жайдан пайдаланыў ҳуқықын жоғалтқан, деп есапланады.

Үлесли яки улыўмалық мүлкте болған турақ жайларды бөлиўде даўлы жайда болған ханалар ҳәм пайдаланыўда болған улыўма майданды есапқа алып, үлес бойынша тең яки үлестен онша көп, онша кем болмаған ҳалда бөлиўди ямаса айырым ханаларды қайта қурыў есабынан турақ жайды бөлиў имканияты барлығы ҳаққында ис бойынша тайынланған экспертиза жуўмағы инабатқа алыныўы зәрүр. Суд ис бо­йынша қабыл етилген бийликте бундай турақ жайларды бөлиўде тәреплерге ажыратылған барлық хана, қосымша ҳәм жәр­демши имаратларды анық көрсетиўи лазым.

Үлесли мүлк сыпатында болған турақ жайлар мүлк ийелерине олардың үлесин сол турысында ажыратып бериў орнына басқа мүлк ийеси тәрепинен компенсация төлениўине олардың разылығы менен жол қойылады. Мүлк ийелериниң үлеси усы турақ жайға қарата басқа мүлк ийесиниң үлесинен анағурлым кем болса, үлести тең бөлиўдиң имканияты болмаса, мүлк ийеси даўлы жайда жасамай атырған болса, ол бас­қа турақ жай менен тәми­йинленген болса, мүлктен пайдаланыўдан айтарлықтай мәпке ийе болмаған жағдайларда суд усы мүлк ийеси разылық бермеген жағдайда ҳәм үлесли мүлктиң қалған қатнасыўшылары мойнына сол мүлк ийесине компенсация төлеў миннетлемесин жүклеўи мүмкин.

Турақ жайды улыўмалық ийелик қатнасыўшылары ортасында олардың үлеси бойынша бөлиўде бөлек жасаў ханасынан тысқары жәрдемши ханаларды, бөлек кирип-шығыў жоллары барлығын яки оларды қайта ислеў жолы менен бөлиўге имканият болған жағдайда ғана даўа қанаатландырылыўы лазым. Бундай имканият болмағанда суд талапкердиң өтинишине бола тәреплерге турақ жайдан пайдаланыў тәртибин белгилеп бериўи яки усы турақ жайды тәреплер тийисли тәртипте алмастырыў ямаса екинши тәрепке үлесине тең басқа турақ жай алып бериў ҳуқықына ийе екенлигин түсиндириўи лазым.

Мәмлекетлик турақ жай фондына тийисли турақ жай ушын коммунал хызмет ҳақыларын өндириў ҳаққындағы даўлар бойынша иске тек ижараға алыўшы жуўапкер сыпатында қатнастырылады. Жеке турақ жай фондына тийисли турақ жайларға көрсетилген хызмет қәрежетлери жүзесинен келип шыққан тартыслар бойынша болса, усы турақ жайдың барлық ержеткен мүлк ийелери иске жуўапкер сыпатында қатнастырылыўы, бул түрдеги даўлар қанаатландырылған жағдайда төлем олардан солидар тәртипте өндирилиўи мүмкин.

 

Зульфия БАБАДЖАНОВА,

Қарақалпақстан Республикасы суды судья­сы.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF