«БЕС БАСЛАМА — БЕС ИМКАНИЯТ»
Бүгинги күни мәмлекетимизде жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, мәденият, көркем-өнер, дене тәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, мәлимлеме технологиялары көнликпелерин қәлиплестириў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде әҳмийетли бес баслама ислеп шығылған еди. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында мине, усы бағдардағы алып барылып атырған жумысларды баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлерге жақыннан таныстырыў мақсетинде «Бес баслама — бес имканият» атамасында медиатур шөлкемлестирилди.
Медиатурдың ашылыўында университеттиң Руўхыйлық-ағартыўшылық ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректоры С.Алаўатдинов шығып сөйлеп, бул жоқары оқыў орнындағы студент жаслардың тәлим-тәрбия алыўы ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, университетте 7 оқыў имараты, 11 спорт имараты ҳәм майданшалары, 6 студентлер турар үйинде 1810 студент жасап атырған болса, келеси айда 520 орынлыққа ийе жаңадан еки студентлер турар үйи пайдаланыўға тапсырылады. Жаслар арасында руўхый-ағартыўшылық илажларын турақлы өткерип барыў мақсетинде 400 орынлыққа ийе мәденият сарайы, бир ўақыттың өзинде 550 орынлыққа ийе студентлер ушын мәлимлеме-ресурс орайы хызмет алып бармақта. Бүгинги күнде университетте бакалавриат күндизги бөлимде, сыртқы бөлим, екинши қәнигелик, кешки бөлим, магистратура ҳәм қоспа билимлендириў формасында жәми 25669 студент билим алмақта.
Бүгинги күнде әҳмийетли 5 баслама бойынша университетте улыўма 104 ҳәр түрли атамадағы дөгерек, клуб ҳәм спорт секциялары ислеп тур. Атап өтетуғын болсақ, биринши баслама бойынша 3 клубта 258 ағза, 2 дөгеректе 84 ағза, екинши баслама бойынша 1 клубта 9200 ағза, 10 дөгеректе 2541 ағза, үшинши баслама бойынша 1 клубта 60 ағза, 1 дөгеректе 75 ағза, төртинши баслама 1 клубта 825 ағза, 2 дөгеректе 1200 ағза, бесинши баслама бойынша 2 клубта 1129, 3 дөгеректе 244 ағза қамтып алынған. Мине, усы мағлыўматлар менен жақыннан танысқан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери бул жоқары оқыў орнындағы жаңаланыўлар ҳәм түпкиликли өзгерислер ҳаққында бираз мағлыўматларға ийе болды.
Медиатурда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы К.Реймов, «Әмиўдәрья» журналы Бас редакторы Х.Дәўлетназаров, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Ж.Нурыллаев ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары ўәкиллери сөзге шығып, әмелге асырылып атырған, сондай-ақ, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша өзлериниң унамлы пикир-усынысларын билдирди. Қатнасыўшыларға дәслеп бес баслама бойынша студент жаслар тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбелери усынылды. Әлбетте, көргизбедеги университеттиң ҳәр қыйлы факультетлериндеги студент жаслардың ой-пикирлери ҳәм өзлериниң қолларынан дөретилген түрли өнимлерди өз көзимиз бенен көргенимизде, олардың түрли тараўлардағы қәбилетиниң жүзеге шығыўында ең әҳмийетли бағдар ҳәм тийкар бола алатуғынына исенимимиз жоқары болды. Мәселен, көргизбедеги мениң итибарымды тартқан «Миллий бағ» атлы проекти менен қызықсынғанымызда, — бизиң бул макетимиз Қараөзек районына кире беристеги бос турған жер болғанлықтан бул проект исленген, бирақ та әпиўайы болғанлықтан, буны еле де жетилистириў мақсетинде архитектура қәнигелигиниң 2-курс студентлери қайта иследи. Буны ислегенимиздеги тийкарғы мақсет — республикамызда көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў бағдарындағы реформаларды әмелге асырыўда өз үлесимизди қосыўдан ибарат. Негизинен, бул макет бир ҳәпте ишинде исленип барлық майда детальлар қолдан ислеўге, яғный, миллийлигимизди заманагөй көринислерге жәмлестириўге ҳәрекет еттик - дейди Архитектура факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Қуралбай Имамов.
— Бизлер бул көргизбеге бесинши баслама бойынша қатнасып атырмыз. Бунда өзлеримиздиң қол өнеринен дөретилген түркмен миллий жағалары, тоқылған гилемшелер, сумкалар, шулықлар, ҳаял-қызлардың тағыншақларын усындық. Буларды бизлер оқыўдан бос ўақытларымызда тоқып, үйрениўге ҳәрекет етип атырмыз - дейди филология факультетиниң түркмен тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 4-курс студенти Мафтуна Исянова.
Медиатур шеңберинде қатнасыўшылар университет жанындағы студентлер үйинде жаратылған шараятлар, әсиресе, бес баслама тийкарында Фитнес ҳәм дене мәденияты, Интернеттен пайдаланыў ханасы, китаплар ханасы, тигиўшилик цехы, ҳаял-қызлар кеңесиниң «Қызларжан» клубы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған жумыслар менен жақыннан танысты.
Медиатур даўамында журналистлердиң пикирлери менен де қызықсынып, оларды сәўбетке тартқанымызда — бүгинги студент бул ҳәм әмелиятшы, ҳәм теорияшы. Бүгинги студенттиң басламасы қоллап-қуўатланбақта. Ҳәзир бир нәрсе ислеймен десе, бәри тайын, ҳәр қандай имканиятлар жаратылып берилмекте. Президентимиз тәрепинен белгиленген әҳмийетли бес баслама бойынша ҳақыйқатында да бул орында айқын жумыстың бар екенлигиниң өз көзимиз бенен көрип гүўасы болдық - дейди «Янги Ўзбекистон» газетасының Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Минажатдин Қутлымуратов.
Қулласы, бул күнги журналистлер ушын шөлкемлестирилген медиатур оларда айрықша тәсирлер қалдырып, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бул бес баслама жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў менен бирге оларда жаңаша ой-пикирлерди, жаңаша қәбилетти, жаңаша излениўлерди пайда етип, олар ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Себеби, бүгинги жасларымыз барлық тараўларда да белсенди екенлигин мақтаныш пенен анық айта аламыз.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: медиатурдан көринис.