Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:12:03, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КРЕДИТ АЛЫП БЕРИЎДИ «ЎӘДЕ ЕТКЕН» ПУҚАРА УСЛАНДЫ

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы бөлими, район прокуратурасы ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети  хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында кредит алып бериўди «ўәде еткен» пуқара усланды.

Атап айтқанда, Төрткүл районында жасаўшы, бурын судланған Н. исмли шахс пуқараның исенимине кирип, мәкан пуқаралар жыйынында ислеўши танысы арқалы 33000000 (отыз үш миллион) сум жеңиллетилген кредит алып бериў ушын 100 АҚШ долларын талап еткен. Усы талап еткен 100 АҚШ долларын сумға есаплап, 1100000 (бир миллион жүз мың) сумды алған ўақытта айғақлы затлар менен иркилген.

Бул жағдайлар бойынша Департаменттиң Төрткүл районы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF