Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:51:07, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТТЕГИ ИСКЕРЛИК

Өткен жылдың октябрь айынан баслап республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине юридикалық хызмет көрсетиў искерлигин және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Әдиллик минис­трлиги жанында Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары шөлкемлестирилген еди.

Юридикалық хызмет көрсетиў орайларының жумыс ислеў тәртиби «Е-Ҳуқуқшунос» электрон системасы арқалы әмелге асырылып барылмақта. Бул системаға нәзер таслайтуғын болсақ, бириншиден, мәкемелер менен жумыс айланыў бабында артықша қағазпазлыққа шек қойылды, десек қәтелеспеймиз. Екиншиден, «Е-Ҳуқуқшунос» электрон системасы арқалы хызмет көрсетилип атырған мәкемелерден келип түсетуғын юридикалық ҳүжжетлер ҳуқықый экспертизадан өткерилип келинип атыр. Бир сөз бенен айтқанда, орай тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге «Е-Ҳуқуқшунос» электрон системасы менен ислесиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў, сондай-ақ, буйрық, бийлик, шәртнама ҳәм юридикалық түстеги ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў менен байланыслы ҳуқықый хызметлер көрсетилип атыр.

Сондай-ақ, Орай тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәм­лекетлик уйымлар ҳәм олардың қурамындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма орта билим бериў мектеплери, поликлиника, шаңарақ поликлиникасы, шаңарақ шыпакерлик пункт­леринде ислеўши хызметкерлерге де ҳуқы­қый мәсләҳәтлер берилип атыр.

Статистикалық мағлыўматларға нәзер аўдаратуғын болсақ, быйылғы жылы Хожели районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайына жәми мыңнан аслам буйрық, шәртнамалар келип түсип, оларға нызамшылыққа муўапық ҳуқықый жуўмақлар берилди. Буннан тыс­қары, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Орай тәрепинен белгиленген реже тийкарында юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым болған мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге барып, тараў бойынша нызам ҳүжжетлери, сондай-ақ, мийнет нызамшылығы, шәртнамалық-ҳуқықый база ҳәм басқа да зәрүр норматив-ҳуқы­қый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин, нызамшылыққа киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша 74 мәрте ушырасыў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Улыўма Орай тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым бол­ған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге сапалы ҳәм нәтийжели юридикалық хызмет көрсетиўде олардың ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўда әҳми­йетли жумыслар алып барылып атыр.

С.АЙТМУРАТОВ,

Хожели районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF