Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:34:05, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСЛАНҒЫШ ШӨЛКЕМЛЕРДЕ ЕСАП БЕРИЎ-САЙЛАЎ МӘЖИЛИСЛЕРИ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ

Ҳәзирги ўақытта ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң қала ҳәм районлық Кеңеслери жанындағы басланғыш шөлкемлерде есап бериў-сайлаў мәжилислери өткерилмекте.

Кегейли районлық Кеңесиниң «Ватанпарвар» басланғыш шөлкеминде, депутатлардың ҳәм тараў ўәкиллериниң қатнасыўында есап бериў-сайлаў мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте басланғыш шөлкемниң 2021-жылдағы жумыслары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жыл­ларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «2022-жыл — Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырылыўы тийис мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, әмелге асырылыўы зәрүр ўазыйпалар додаланды.

Кегейли районындағы «Ватанпарвар» шөлкеми тийкарынан жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, автотранспортларды басқарыў бағдарында жасларды оқытып келмекте. Бүгинги күнде бул жерде 200ден аслам жаслар автотранспортларды басқарыўды үйренип атыр.

Атап өтилгениндей, бул жерде 2014-жылы дүзилген басланғыш шөлкемге усы шөлкемдеги 26 хызметкер ағза болған. Олардың 17син жаслар қурайды. Басланғыш шөлкемниң жумысларына тоқтап өтетуғын болсақ, өткен жыллар даўамында партия менен биргеликте көплеген илажлар шөлкемлестирилген.

Атап айтқанда, шөлкем хызметкерлери ҳәм партия ағзалары менен биргеликте өткен жылы «Темир дәптер»де есапта турған 15 шаңарақтың жағдайынан хабар алынып, оларға азық-аўқатлық өнимлер ҳәм дәри-дәрмақларды тар­қатыўда қайырқомлық жумыслар әмелге асырыл­ған. Сондай-ақ, аймақтағы «Темир дәптер»ге дизимге алынған 45 жас бийпул оқытылып, айдаўшылық гүўалығына ийе болған.

— Соның менен бирге, шөлкемимиз партияның идеялық ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Денсаўлық ушын 5000 қәдем», «Мен исбилермен болмақшыман», «Мәҳәлле тәрбия ошағы», «Ҳаял қәдири бәлент журт», «Лидер жаслар ушырасыўы» сыяқлы жойбарларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип келмекте,-дейди басланғыш шөлкем баслығы Базарбай Туреев. — Хызметлеримиз ина­батқа алынып, 2020-жылы «Ең үлгили БПШ» таңлаўының районлық басқышының жеңимпазы бол­ған болсақ, ал, 2021-жылы усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышының жеңимпазы болыўға еристик.

Мәжилисте басланғыш шөлкемлердиң тараўлардағы машқалалардың шешими бойынша депутатлық топарлар менен биргеликте ислесиўин еле де күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, Б.Туреевтиң кандидатурасы қайта көрип шығылып, БПШ баслығы етип қайта сайланды.

Орынларда басланғыш партия шөлкемлериниң есап бериў-сайлаў мәжилислери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF