ДЕПУТАТЛАР ТОПАРЫ ЛАЎАЗЫМЛЫ ШАХСЛАРДЫҢ ЕСАБАТЫН ТЫҢЛАДЫ
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң ӨзЛиДеП депутатлық топарының гезектеги мәжилиси өткерилип, онда жуўапкер шөлкемлердиң басшыларының есабаты тыңланды.
Мәжилис күн тәртибине муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-июльдеги «Коронавирус пандемиясын жумсартыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўы бойынша Қоңырат районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң баслығы Д.Сейтниязов, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-июльдеги «Халыққа көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Ш.Қыдырбаевлардың есабатлары тыңланды.
Атап өтилгениндей, районда 2020-жылдың март айынан баслап бүгинги күнге шекем Қоңырат районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң вирусология лабораториясы тәрепинен 106131 анализ ПЦР усылында лаборатор тексерилди. Нәтийжеде, усы кеселликлер менен жәми 2826 адам наўқасланғаны анықланды. Кеселлик анықланған орынларда турақ жайларда дезинфекциялаў жумыслары алып барылып, наўқас пенен байланыста болғанлар районлық медицина бирлеспеси тәрепинен клиникалық бақлаўға алынды.
Мәжилисте депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алып, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими ҳәм районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери тәрепинен мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында әмелде карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда үгит-нәсият жумысларын алып барыўы ҳәм кеселлик ҳаққында қысқаша түсиниклер берип, буклетлер тарқатылыўы зәрүрлиги атап өтилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.