БИЗНЕС-ОМБУДСМАННЫҢ КЕҢЕЙТИЛГЕН ЎӘКИЛЛИГИ
НЕЛЕРДЕН ИБАРАТ?
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Бизнес-омбудсман) аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы хызметкерлери тәрепинен семинар-тренинг өткерилди.
Илажда суд, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлардың хызметкерлери қатнасты.
Семинар-тренингте Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 11-январьдағы «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамының мазмун-мәниси ҳаққында сөз болды.
Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, алдынлары исбилерменлик тараўында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты келтирип шығаратуғын нызамбузылыўлар бойынша ислердиң айырым статьялары усы жылдың 11-январына шекем қалалық ҳәм районлық ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылған. Ендигиден былай Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 245 ҳәм 2458-статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық усы кодекстиң айырым статьялары бойынша ислерди көрип шығыў ҳәм ҳәкимшилик жәрийма тайынлаў Бизнес-омбудсман ўәкиллигине өткерилди.
Нызам менен Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 245-статьясына өзгерис киргизилип, 43-статьясы, 2002-статьясы, 2411, 2414, 2416, 2418, 24110-статьялары бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислерди көрип шығыў қалалық ҳәм районлық жынаят ислери бойынша судларынан Бизнес-омбудсманға өткерилди. Яғный, буннан былай Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 2458-статьясына муўапық Бизнес-омбудсманға усы Кодекстиң 43 (исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары бөлиминде), 2002 (исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларының бузылыўы бөлиминде), 2411, 2414, 2416, 2418, 24110-статьяларында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислер тийисли.
Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў (исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары бөлиминде), жер участкасын нызамсыз алып қойыў (исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының бузылыўы бөлиминде), жеке меншик мүлк ҳуқықын бузыў (исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының бузылыўы бөлиминде), исбилерменлик субъектлериниң хызметин тексериў ҳәм қаржы-хожалық хызметин ревизия етиў тәртибин бузыў, исбилерменлик субъектлериниң хызметин ҳәм (ямаса) олардың банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларын нызамға қайшы түрде тоқтатып турыў, жеңилликлер ҳәм преференцияларды қолланыўдан нызамсыз түрде бас тартыў, қолламаў ҳәм қоллаўға тосқынлық етиў, исбилерменлик субъектлериниң есап-бетлеринде пул қаржылары ҳаққындағы мағлыўматты нызамға қайшы түрде талап етип алыў, олардан ҳүжжетлер талап етиў бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға ҳәм жәрийма тәризиндеги ҳәкимшилик жазаларды қолланыўға оның орынбасарлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппараты бас инспекторлары ҳақылы екенлиги белгиленди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.