БИР МАҚСЕТКЕ БИРЛЕСТИРГЕН АКЦИЯ
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен жылдың 2-ноябри күни халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде қала ҳәм район орайларында, елатлы пунктлерде экологиялық жағдайды ҳәм ҳаўаның тазалығын жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың, соның ишинде жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа итибарды күшейтиў, ана тәбиятымызды келешек әўладқа сақлаў, усы арқалы аймағымыздың экологиялық жағдайын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилис протоколына муўапық республикамызда 19-20-февраль күнлери еки күн даўамында «Жасыл мәкан-келешек саламатлығы тийкары» сүрени астында акция болып өтти.
Акцияның биринши күнинде Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығына қараслы 6 гектар майданды көклем зарластырыўға республикамыздың белсенди жаслары қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында пүткил елимиз бойлап әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» жойбарының әҳмийетине тоқтап өтти.
Әлбетте, экологиялық қыйын шараятта жасап атырған халқымыз ушын бул акция айрықша әҳмийетке ийе. Буны жақсы түсинген мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, пуқараларымыз өзлери жасап ҳәм мийнет етип атырған аймақларда абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларына белсене қатнасты. Себеби, акцияны шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет — ана тәбиятымызға инсанлардың, соның ишинде жасларымыздың меҳрин оятыў, өзимизден кейинги әўладқа мүнәсип саламат орталықты мийрас етип қалдырыўдан ибарат.
Илаж нәллерди тек ғана есабат ушын егиў емес, оның өсип-өниўи арқалы келешек ийгилиги ушын шөлкемлестирилип атырғанын айрықша атап өткен орынлы. Акция даўамында бизиң климат шараятымызға сай, суўды аз талап ететуғын нәллерди егиўге итибар қаратылды. Бул нәллердиң көпшилиги өзимизде жетистирилгенлиги менен әҳмийетли. Олардан каталпа, павлония, япон сафорасы, тут, акация сыяқлы терек нәллери отырғызылды.
— Акция шеңберинде түрли атамаларда ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилип, онда жасларымызға қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, әтирапымызды көклемзарластырыўдың инсан саламатлығына әҳмийети, соның менен бирге, егилген ҳәр бир нәлди сақлаў бойынша кең түрде түсиник берилди,-дейди Өзбекстан Экологиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Арыўхан Исмаилова. — Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген илажда партияның «Биз келешек ушын жуўапкермиз» сүрени астындағы «Әҳмийетли 15 күнлик» жойбарының әҳмийети бойынша кең түрде түсиник берилди.
Ҳақыйқатында да, қоршаған орталықты қорғаў, ана тәбиятымыз ҳәм оның байлықларын көздиң қарашығындай сақлаў, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясына итибарлы болыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады. Экологиялық мәдениятты қәлиплестириў шаңарақта, оны раўажландырыў болса, мектепте әмелге асырылады. Сонлықтан да ушырасыўға устазлар, оқыўшылар менен бирге ата-аналар да мирәт етилди.
Акцияның екинши күни Нөкис районындағы «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйынында даўам етти. Бул жерде жоқары оқыў орынларынан 500ге шамалас студент-жас қатнасып, белсендилик көрсетти. Олар тәрепинен 3750 түп мийўели, 2 мыңға жақын саяманлы терек нәли отырғызылды. Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетинен алынған мағлыўматқа қарағанда еки күн даўамында республикамызда 655 мың 500 түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.