Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:06:35, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕМЛЕЎ ҮСКЕНЕЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 18-февраль күни БМШтың Халықтаныў фонды (ЮНФПА) тәрепинен Япония ҳүкиметиниң қаржылай жәрдеминде өткерилген «Жатыр мойны рак кеселлигин ерте анықлаў бойынша АПВ тексериўи» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Рак алды зыянланыўларын дәс­лепки басқышта емлеў үскенелерин тапсырыў мәресими болды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда БМШтың Халықтаныў фонды, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Денсаўлықты сақлаў министрликлери, акушер-гинекологлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

  Атап өтилгениндей, тапсырылған үскенениң жәрдеминде басланғыш медицина-санитариялық буўында ислеўши шыпакерлер ҳаяллардағы өспелерди ерте басқышта емлеўде зәрүр жәрдем көрсетиўи, жатыр мойны биопсиясы ҳәм гиперкератозында диатермоэлектрокоагуляцияны ислеп, қан кетиўин тоқтатыўы мүмкин болады. Үскене хирургияның амбулаториялық гинекология, амбулаториялық хирургия, косметология ҳәм дермотология, режелестирилген бейимлесиўшең ҳәм қатты эндескопия ҳәм тағы бас­қа да тараўларында  жумыс алып барыўға арналған. Енди алыс аймақларда жасаўшы ҳаяллар онкология орайларына емес, ал, тиккелей поликлиникаларға барып, ол жерде рак алды кеселликлерин емлеў бойынша барлық хызметлерден пайдаланыў мүмкиншилигине ийе болатуғынын атап өтиў орынлы.

— Өзбекстан Республикасында «Жатыр мойны рак кеселлигин ерте анықлаў бойынша АПВ тексериўи» жойбары Қарақалпақстан Республикасында көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң дәрежесин арттырыўға  ҳәм ҳаялларда жатыр мойны кеселликлерин емлеўдиң баслан­ғыш дәрежесиниң потенциалын күшейтиўге қаратылған,-дейди ЮНФПА ның Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Камолхон Иномхожаев. — Алдағы ўақытлары сынақтағы жойбардың нәтийжеси бойынша жатыр мойны рак кеселлигин тексериўге бағдарланған миллий бағдарламаның ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўи күтилмекте. Скрининг бағдарламалары кеселликтиң жаңа жағдайлары дәрежесин ҳәм жатыр мойны рак кеселлиги нәтийжесиндеги өлимшиликти 80 процентке шекем азайтыў сыяқлы унамлы нәтийже бериўи мүмкин.

Жынысый жол менен жуғатуғын адам папиллома вирусы (АПВ ямаса HPV) нәтийжесинде пайда бол­ған жатыр мойны рак кеселлиги пүткил дүнья жүзи денсаўлықты сақлаў тараўында тийкарғы машқала болып келмекте. Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша ҳәр жылы 300 мыңнан аслам ҳаял-қыз жатыр мойны рак кеселлиги себепли өмирден көз жумады. Өзбекстанда, пүткил дүнья жүзиндеги сыяқлы жатыр мойны рак кеселлиги барлық жастағы ҳаял-қызлар арасында жийи ушырасатуғын рак кеселликлери арасында екинши орында ҳәм фертил жастағы (15-44 жас) ҳаял-қызлардың арасында сүт бези рагы кеселлигинен кейин екинши орында турады.

2017-жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети  тәрепинен пүткил мәмлекет бойынша жатыр мойны рак кеселлигиниң комплексли скринингин ендириўди өз ишине алатуғын  рак кеселлигин қадағалаў ҳәм оның алдын алыў бойынша Миллий жоба тастыйықланды. Бул жоба  жатыр мойны рак кеселлигин емлеў ҳәм паллиатив және жатыр мойны рак кеселлигиниң скрининги сыяқлы басланғыш профилактикалық илажларды өз ишине алады.

Соны айрықша атап өтиў керек, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң потенциалын арттырыў бойынша 2020-жылдың 6-майы күни қол қо­йылған өз-ара келисим ҳүжжети тийкарында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги  ҳәм ЮНФПА аўыллық жерлерде халыққа, сондай-ақ, Аралбойы аймағындағы экологиялық апатшылыққа дуўшар болған халыққа қаратылған аналар саламатлығы, АПВ ның алдын алыў ҳәм репродуктивлик саламатлық  бойынша комп­лекс­ли стратегияны ислеп шығыў және енгизиў, тийкарғы хызметлердиң бир тутас жыйынтығы менен тәмийинлеў мақсетинде белсенди шерикликти әмелге асырып келмекте.

Өзбекстанда 1993-жылдан берли жумыс алып барып атырған ЮНФПА бүгинги күни жергиликли шериклер менен 2025-жылға шекем мөлшерленген бесинши бағдарламаны әмелге асырмақта.

Қарақалпақстан хабар агент­лиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF