Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:42:15, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕТЕКШИЛЕРГЕ ПЛАНШЕТ САЎҒА ЕТИЛДИ

Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша механизмлерин енгизиў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў мақсетинде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январьдағы «Мәҳәл­лелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилис­тириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилген еди.

Бүгинги күнге келип, республикамыздың барлық мәҳәллелеринде жаслар жетекшилери өзлериниң жумысларын баслап жиберди. Мине, усы жетекшилердиң нәтийжели ислеўин тәмийинлеў мақсетинде, район ҳәкимликлери тәрепинен олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте.

Тахтакөпир ҳәм Кегейли районы ҳәкимликлери де орынларда жаслар жетекшилериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде, мәҳәллелердеги жетекшилерине арнаўлы бөлмелер ажыратып, оларға заманагөй жумыс қуралларын саўға етпекте.

— Районымыз бойынша 17 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны болып,  бүгинги күни олардың барлығында да жаслар жетекшилери жумыс алып бармақта,-дейди бизге Тахтакөпир районы ҳәкиминиң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў, руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Шыныбек Бектур­ғанов. — Алдағы ўақытлары жетекшилерди арнаўлы белгиге ийе кийимлер менен тәмийинлеў бойынша буйыртпа берип қойыппыз.

Әлбетте, район ҳәкимликлериниң бундай қоллап-қуўатлаўы олардың жумыс нәтийжелилигиниң артыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетеди деп ойлаймыз.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF