«ТУМАР» АНСАМБЛИНИҢ КОНЦЕРТИ
Жақында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалында усы оқыў дәргайының «Тумар» ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Тур- диев, филиал директоры А.Аяповлар сөзге шығып, елимизде көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратылып атырған итибар, сондай-ақ, жасларды көркем өнердиң барлық түрине кеңнен қамтып алыў бағдарында жүргизилип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, филиалдың «Кино ҳәм телевидение режиссёрлығы» тәлим бағдарының 3-курс студенти Азизбек Алламуратовты 2021-2022-оқыў жылы ушын Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болғаны менен қызғын қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы 2008-жыл шөлкемлестирилген болып, бул жерде филиалда 9 тәлим бағдар бойынша мыңнан аслам студент-жаслар билим алмақта. Оларға 59 профессор-оқытыўшы билим берип, соның ишинде төрт профессор, он илим кандидаты, үш доцент, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артистлер, Қарақалпақстан халық бақсыларының бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады. Әлбетте, усындай устазлардан билим алған жаслар арасынан келешекте драматург, бәлент лапызлы бақсылар, эстрада қосықшылары ҳәм көркем өнер ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўында үлес қосатуғын басқа да талант ийелери жетилисип шығады деп ойлаймыз.
2018-жылы филиалда студент-жаслардың мәденият ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў, оларға қарақалпақ, өзбек ҳәм басқа да халықлардың миллий ойын үлгилерин кеңнен үйретиў мақсетинде «Тумар» ансамбли шөлкемлестирилген еди. Бүгинги күнге келип, ансамбль елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары ҳәм басқа да илажларда өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнасып, халқымыздың дийдинен шығып келмекте. Ансамбльдиң тийкарын салыўшы, филиалдың «Халық дөретиўшилиги» кафедрасының балетмейстери ҳәм хореография пәни оқытыўшысы Есназар Халмуратов ҳәзирги ўақытқа шекем жәмәәтке көркемлик жақтан басшылық етип келмекте.
Жанлы ҳаўазда атқарылған йошлы қосықлар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Илаж соңында «Тумар» ансамбли жәмәәти ҳәм оның көркемлик жақтан басшысы Е.Халмуратовлар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
А.ОРАЗОВ,
филиалдың баспасөз хаткери.
СҮЎРЕТТЕ: концерттен көринис.