Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:25:43, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙЫРЫМ ТОВАРЛАРДЫ БАЖЫХАНАДАН АЛЫП ӨТИЎ НОРМАЛАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўди және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 6-февральдағы қарарына муўапық, алкоголь өнимлери, сондай-ақ, пиво — 2 литр, барлық түрдеги темеки өнимлери — 10 қуты, әтир ҳәм әтирге усас суйықлықлар — 3 дана, қымбат баҳалы металл ҳәм қымбат баҳалы таслардан жасал­ған зергерлик буйымлары ­ 65 гр. етип белгиленген.

Усы қарарға муўапық, республикаға физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегарасындағы темир жол ҳәм дәрья өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде — 1000 АҚШ доллары муғдарында ҳәм де автомобиль жолы (пиядалар жолы) өткериў пункт­лери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде — 300 АҚШ доллары муғдарындағы товарларды бажыхана төлемлерисиз алып кириўге руқсат етилген.

Лекин, айырым пуқараларымыз тәрепинен бул белгиленген нормаларға әмел етпестен шегараларымыз арқалы товар-материаллық байлықларын нызамға қарсы жасырын түрде алып өтиўге урыныў жағдайлары ушыраспақта.

Мысал ретинде, усы жыл 21-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постына Россия Федерациясынан кирип келген «ДАФ» маркалы автотранспорт қуралы бажыхана тексериўинен өткерилгенде автотранспорт салонында рация қутысы ишине жасырылған улыўма салмағы 186.95 гр. шама менен улыўма баҳасы 90 млн. сумлық 13 түрдеги 35 дана алтын зергерлик бу­йымлары бар екенлиги анықланған болса, 22-январь күни Россия Федерациясынан Қазақстан Республикасы арқалы Өзбекстан Республикасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постына кирип келген «ДАФ» маркалы автотранспорт қуралы инновациялық тексериў комплекси арқалы анализ етилгенинде гүман туўдырыўшы товарлар бар екенлиги гүман етилгенлиги себеп бажыхана тексериўинен өткерилгенде автотранспорт қуралының жүкханасының төменги паллет бөлегинде жүк гүзетиў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген жәми 45 805 000 сумлық ҳәр түрдеги азық-аўқат ҳәм санаат өнимлери бар екенлиги анықланып, ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Шайда ЖУМАНИЯЗОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы аға инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF