«САЛАМАТЛЫҚ ҲӘПТЕЛИГИ» ШЕҢБЕРИНДЕГИ ӘМЕЛИЙ ЖУМЫСЛАР БАСЛАНДЫ
Жәрдемге мүтәж халықтың саламатлығын беккемлеў, қәнигели медициналық жәрдемди халыққа жақынластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен «Саламатлық ҳәптелиги» шеңбериндеги республикамызда әмелий жумыслар басланды.
— Халыққа жоқары қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўде ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында нәтийжели хызмет көрсетиў системасын қәлиплестириў және халықтың жәрдемге мүтәж қатламына жоллама бериў механизмин жетилистириў мақсетинде электрон жоллама бериў системасы енгизилди,-дейди Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басқарма баслығы Умидулло Рисқиев. — Бирақ, бүгинги күнде усы системада машқалалар толық өз шешимин тапқаны жоқ. Қарақалпақстан Республикасының халқы Ташкент қаласына барып операция ислетиў ушын айлап гезекте туратуғыны сыр емес. Машқаланы шешиў бойынша, әлбетте, тийисли илажлар көрилмекте.
Бүгинги күни Президентимиз тәрепинен қойылып атырған баслы талап «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында илаж көриўимиз керек. Бағдарлама шеңберинде наўқасларға жоқары медициналық хызмет көрсетиў ушын бет-жақ пластикалық операциясы, абдоминал хирургия, интервенциялық кардиология ҳәм травматология, ортопедия, қан-тамыр хирургиясы, трасплантология, аз инвазив хирургиясы бағдары бойынша республикалық қәнигелестирилген орайлардағы медицина илимлериниң докторлары ҳәм кандидатларынан ибарат 10 жоқары маманлықтағы тәжирийбели топар келди.
Қарақалпақстан Республикасында жәми 470 наўқастың дизими бар. Олардың 107си жүректе, 102си бет-жақ нуқсаны себепли, 127 наўқас жасалма буўын (эндопротез) орнатыўға ҳәм 130 наўқас асқазан ишек кеселлиги, 13 наўқас бүйректи көширип өткериўге мүтәж.
Ҳәзирги ўақытта наўқаслар емлениўи ушын Ташкент қаласына барып ҳәм 2023-жылға шекем гезекте турыўға туўра келмекте. Усы наўқасларды гезегинен алдын талап болған операцияларды әмелге асырыў ушын жоқары маманлықтағы қәнигели орынларға шыққан ҳалда жергиликли медицина бирлеспелериниң материаллық-техникалық базасы дәрежесинде жумыслар баслап жиберилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.