ТАРАЎДАҒЫ ӘҲМИЙЕТЛИ ЖАҢАЛАНЫЎЛАР
Бүгинги күнде суў мәселеси дүнья жүзилик машқалаға айланбақта. Себеби, суўсыз тиришилик жоқ екенлиги бәршемизге мәлим. Мине, бундай машқалалар бизиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди.
Әлбетте, бул бағдарда мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, оның алдын алыўда бир қанша әмелий жумыслар исленип атыр. Қабыл етилген ҳүкиметлик қарарлар шеңберинде аўыл хожалығы тараўында суўдан үнемли пайдаланыў, жаңа технологияларды енгизиў, жерлерди лазерли тегислеў, егислик жерлердиң шорын жуўыў, сондай-ақ, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыў арқалы мол зүрәәт алыў, нәтийжеде өнимдарлықтың артыўына қулласы, суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўға шараятлар жаратылмақта. Тараўда ушырасып атырған бундай машқалаларды сапластырыў, жасалма суў объектлеринде суўдан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў қағыйдаларына әмел етиў бойынша қадағалаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына жүклетилген.
Мине усы мақсетте бул бағдарда исленип атырған жумыслардың мазмунын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Кегейли ҳәм Шымбай районларына пресс-тур шөлкемлестирилди.
— Инспекцияның районлық бөлимлери тәрепинен суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданларда суўдан мақсетли пайдаланыўды қадағалаў бойынша илажлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилип бармақта. Өткен жылдың январь-ноябрь айлары аралығында нызамбузыўшылық жағдайлары анықланып, 238и ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, 162 миллион сум, ал, 522 не жәрийма санкция қолланылып, 1 миллиард 846 миллион 985 мың сум, 465и тийислисинше көрип шығыў ушын суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилди,-дейди усы басқарманың аўыл хожалығына мөлшерленген суў ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаў бөлими аға инспекторы Р.Узақов.
Қәнигениң атап өткениндей, 2021-жылдың октябрь-март айларында жердиң шорын жуўыў дәўиринде жәми 1 миллиард 1294 миллион м3 суў алыў лимитлериниң ҳәр бир фермер хожалықлары, кластер кәрханалары ҳәм басқа да тутыныўшыларға жеткерип берилиўи қадағалаўға алынған. Қатнасыўшылар «Кегейли-Шымбай» агро кластерине қараслы Кегейли районындағы «Жүзим бағ» АПЖ дағы жер майданларындағы шор жуўыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Тийкарынан «Қуўанышжарма» магистрал каналы арқалы суўғарылады. Бүгинги күнде жер майданларын егиске таярлаўда шор жуўыў, суў шықпайтуғын дөң жерлерге лазерли тегислеў, аймақтағы жап-салмалардың шөп-шарын тазалаў жумыслары алып барылып атырғанлығының гүўасы болдық. «Кегейли-Шымбай» агро кластериниң жер майданы 500 гектарды қурайды. Соннан 467 гектар жер майданының шорлары жуўылып, шигит егисине таярланбақта. Буннан соң қатнасыўшылар «Әбди-Есен» ғәлле кластерине қараслы «Тазғара» АПЖ аймағында жайласқан ғәлле атызларына барып, жаўынлатып суўғарыўда алып келинген жаңа технологиялардың абзаллықлары бойынша мағлыўматларға ийе болды. Атап айтқанда, усы кластердиң 300 гектар жер майданларына ғәлле егилип, жаўынлатып суўғарыў жумыслары алып барылмақта.
— Бизиң шараятымызда бул жаңа үскенелерди қолланыў жүдә әҳмийетли. Кредит есабынан алсақ та, мәмлекетлик ажыратылған субсидия есабынан қәрежетлердиң қаплап берилиўи бизге қымбатқа түспейди. Абзаллығы, суў тамтараслығында бар суўдан үнемли пайдаланыўда қол келеди, - дейди усы кластердиң ис жүргизиўшиси Ж.Есенов.
Атап өтилгениндей, жаўынлатып суўғарыў үскенелерин 300 гектар ғәлле майданларына қурыў режелестирилген болса, ҳәзирги ўақытта 50 гектар жер майданларында бул үскенелерден нәтийжели пайдаланылмақта. Кейинги мәнзил Шымбай районы аймағынан кесип өтиўши «Кегейли» магистрал каналында алып барылып атырған реконструкция жумыслары менен танысыўдан ибарат болды. Атап өтиў керек, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳәм Мойнақ районларын суў менен тәмийинлеўши «Кегейли» районларара каналы 1938-жылы қазылған болып, Қызкеткен-Кегейли ирригация системасы басқармасына қараслы. Узынлығы 55,4 км суў өткизгишлиги 180,0 м3 сек. болып, Кегейли каналы «Дослық» каналының ПК-252 пикетинде жайласқан «Развилка» бас гидротехника қурылмасы арқалы суў жеткерилип, жәми 80515 гектар майданды суў менен тәмийинлеўге хызмет етпекте. «Кегейли» магистрал каналының Шымбай районы аймағынан узынлығы 2,5 км кесип өтиўши бөлегинде 2020-2023-жыллар даўамында жәми 11230 млрд. сумлық бетон қапламаларын орнатыў ҳәм реконструкция жумысларын әмелге асырыў режелестирилип, жойбар жумыслары «УзГИП» ЖШЖ Қарақалпақстан унитар кәрханасы тәрепинен исленбекте. Бул ислерди әмелге асырыў кесип алыўшы «Бунёдкор Меръос» ЖШЖне бириктирилген.
— Каналдың жағысларының бетон қапламалары менен қапланыўы қараған көзге сулыў көриниўи менен бирге, халқымыз ушын да ҳәр тәреплеме қолайлы. Суўдың жер астына сиңип кетиўиниң алдын алса екинши тәрептен сапалы ҳәм тез жетип барыўын тәмийинлейди. Соның менен бирге шор жуўыў ҳәм вегитация дәўиринде жер асты суўларының көтерилиўи нәтийжесинде әтирапында жайласқан дийқан базары, мәдений хызмет көрсетиў шақапшалары имаратларына ҳәм сол жердеги жайласқан турақ жай имаратларына кери тәсири жоқары, - дейди Қызкеткен-Кегейли ирригация системасы басқармасының Суў ресурслары балансы, гидрометрия ҳәм диспетчерлик хызмети бас қәнигеси А.Ниетуллаев.
Қулласы, тараў қәнигелери тәрепинен суўды үнемлеў ҳәм тараўда қолланылып атырған жаңа технологиялардың бүгинги күндеги әҳмийети жоқары екенлиги айрықша атап өтилди.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.