Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:29:31, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ИМКАНИЯТЛАРЫ ЖӘНЕ ДЕ КЕҢЕЙЕДИ

Президентимиз  Ш.Мирзиёев тәрепинен қабыл етилген 2022-2026-жылларға мөлшерленген «Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы ҳақ­қында»ғы Пәрман мәм­лекетимизде ҳәр бир тараўда ерисилген табыслар менен бирге кемшиликлерди нәтийжели сапластырыў ҳәм раўажланыўларға тийкар болыўы менен әҳми­йетли.

Пәрманның III бәнтинде миллий экономиканы жедел раўажландырыў ҳәм жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға кең түрде тоқталып өтилген.

Экономика тармақларында турақлы жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў арқалы келеси бес жылда жан басына жалпы ишки өнимди 1,6 есе ҳәм 2030-жылға шекем жан басына туўры келетуғын дәраматты 4 мың АҚШ долларынан арттырыў, «дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў ушын шараят жаратыў, соның менен бирге, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм жыллық инфляция дәрежесин 2023-жылға шекем басқышпа-басқыш 5 процентке шекем төменлетиў, мәмлекетлик бюджет жетиспеўшилигин қыс­қартыў ҳәм 2023-жылдан баслап жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен асып кетпеўин тәмийинлеў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленип берилди.

Сондай-ақ, ҳәр бир район бюджетиниң кеминде 5 процентин «Пуқаралар бюджети» бағдарламасы шеңберинде халықтың усыныслары тийкарында ең актуал машқалаларды шешиўге сарплаўды шөл­кемлестириў ҳаққындағы басламалар — елимизде инсан қәдири ҳәм оның мәплерин еле де жоқарылатыўға хызмет етеди.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша пуқара­ларға исбилерменлик жумысларын шөлкемлестириў ҳәм турақлы дәрамат дереклерин қәлиплестириў ушын шараятлар жаратыў, жеке сектордың жалпы ишки өнимдеги үлесин 80 процентке ҳәм экспорттағы үлесин 60 процентке жеткериў, аймақларда 200 жаңа санаат зоналарын шөлкемлестириў ҳәм бизнес-инкубатор сис­темасын раўажландырыў, шараяты аўыр болған районларда исбилерменликти раўажландырыў ушын еле де кеңирек имканиятлар жаратыў мәселелери Пәрманда тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди. Сыр емес, базы жағдайларда айырым исбилерменлердиң жумысларына ҳәр қыйлы факторлар менен тосқынлық болып атырған жағдайлар да ушырап атыр.

Бул бағдардағы машқалаларды үйрениў, исбилерменлердиң мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен «Ашық сәўбет»и өткерилиўиниң белгилениўи де өз жумысын еле де раўажландырыўды мақсет еткен қаншадан-қанша исбилерменлердиң арзыў-тилеклери жәмленгенлигин терең аңлаймыз. Бул өз нәўбетинде исбилерменлердиң тосқынлықларға ушырамастан еркин жумыс баслаўы ҳәм искерлик көрсетиўине имка­ният жаратады.

Пәрманда көрсетилген  тийкарғы жаңалықлардың бири — 2026-жылға шекем исбилерменлик субъектлерине салық жүклемесин жалпы ишки өнимниң 27,5 проценттен 25 процент дәрежесине кемейтиў, аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты кемейтиў бойынша әмелдеги структура жумысларын жетилистириў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери өз жумысын баслаў ушын зәрүр мағлыўматларды еркин пайдаланыўға шығарыў ҳаққындағы ўазыйпалар бүгинги күн ушын жүдә актуаллығы менен үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңа ҳәм пайдаланыўдан шыққан 464 мың гектар майданды өзлестириў ҳәм кластерлерге ашық таңлаў тийкарында ажыратыў, 200 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартыў ҳәм халыққа ашық таңлаў тийкарында узақ мүддетли ижараға бериў, сондай-ақ, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў, мийўе-палыз жетистириўди раўажландырыў, интенсив бағлар майданын 3 есе, теплицаларды 2 есе көбейтип, экспорт потенциалын және 1 млрд. АҚШ долларына арттырыўды белгилеў — сынаўлы ҳаўа райы шараятында жумыс алып барып атырған фермер ҳәм дийқанлар ушын жоқары дәрежедеги имканиятлар көлемин кеңейтеди.

Аймақларда хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын раўажландырыў арқалы кейинги 5 жылда хызмет көрсетиў көлемин 3 есеге арттырыў ҳәм бул бағдарда жәми 3,5 мил­лион жаңа жумыс орынларының жаратылыўы орынларда халықтың пәраўанлығының еле де артыўына хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Арал бойында экотуризмди раўажландырыў бо­йынша айрықша бағдарламаны әмелге асырыў, бунда Мойнақтың жаңа аэропортының имканиятларынан кең пайдаланыў ҳаққында атап өтилди. Бул өз нәўбетинде туризм потенциалының артыўы ҳәм жумыс орынларының жаратылыўын тәмийинлейди.

Пәрманда белгиленген ўазыйпалар, алға қойылған усыныс ҳәм басламалардың тийкарғы мәнисин партия электораты ҳәм сайлаўшыларға жеткериў, белгиленген анық ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды жәмлескенлик пенен әмелге асырыўда ҳәр биримизден белсендилик талап етиледи.

Руслан ДЖУМАМУРАТОВ,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты,
«Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясы ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF