Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:24:05, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӘТИЙЖЕЛИ ЮРИДИКАЛЫҚ ХЫЗМЕТ КӨРСЕТИЛМЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-июнь күнги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге юридикалық хызмет көрсетиў жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанында Кегейли районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайы шөлкемлестирилип, 2021-жыл 4-октябрьден баслап рәсмий түрде жумыс баслады. Орайға 3 штат бирлиги (Орай баслығы, 2 бас юрисконсульт) ажыратылған.

Орай тәрепинен жоқарыдағы қарар менен тастыйықланған «Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары ҳаққында»ғы Режеге муўапық, бүгинги күнде райондағы 11 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер (Тоғай хожалығы мәкемесинен тысқары)ге «Е-huquqshunos» электрон системасы арқалы юридикалық хызметлер көрсетилип келинбекте.

Статистикалық есабатларға нәзер аўдаратуғын болсақ, 2021-жыл октябрь-декабрь айларында жәми 766 буйрық,  шәртнамалар (615 буйрық,  151 шәртнама) келип түсип,  соннан 108 буйрық ҳәм 20 пуқаралық шәртнама нызамға муўапық келмегенлиги ушын қайтарылған, 507 буйрық ҳәм 131 пуқаралық ҳәм мийнет шәртнамалары нызамға муўапық деп табылған, 1 буйрық қабыл етиўден бас тартылды.

Мәмлекетимиз тәрепинен жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаў ҳәм оларды турақ жай менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. 2021-жыл 9-августта Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айы­рылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ислеп шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары, усы қарар тийкарында 2021-жыл 25-октябрьде Министрлер Кабинетиниң «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Жоқарыда атап өтилген Президент қарарының 15-бәнтиниң талапларына тийкар, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ҳәм оларды перзентликке яки әменгерликке, қәўендерликке, патронатқа алған пуқараларға Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары тәрепинен бийпул юридикалық хызмет көрсетиў яки ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў ўазыйпасы жүклетилген. Мине, усы бағдарда, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ҳәм де оларды перзентликке яки әменгерликке,  қәўендерликке, патронатқа алған пуқаралар менен ушырасыў өткерилип, бул пуқаралар Юридикалық хызмет көрсетиў орайының ўазыйпалары, мақсети ҳәм бағдарлары менен кеңнен таныстырылып, олар тәрепинен әмелиятта өзлерин қызықтырған яки машқалаға айланып атырған мәселелери бойынша берген сораўларына әмелдеги нызам ҳүжжетлери талаплары тийкарында ҳуқықый түсиниклер берилди.

Енди бул пуқаралар менен тек  аудиторияларда ғана ушырасып қоймастан, Орайға келген пуқараларға яки олардың жасаў мәнзиллерине барыў арқалы да юридикалық хызмет көрсетилиўи тәмийинленеди.

Статистикалық есабатларға көре, бүгинги күнде Кегейли районында 55 шаңарақтың 70 баласы әменгерлик ҳәм қәўендерликке, (соннанF 31 бала әменгерлик, 39 бала қәўендерлик) 169 бала перзентликке берилген.

Бул бағдарда Орай тәрепинен 2021-жыл октябрь-декабрь айлары даўамында 10 бағдар бойынша 25 мәрте ҳуқықый түсиниклер берилиўи тәмийинленди.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Орай тәрепинен белгиленген реже график тийкарында юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым болған мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге барыў арқалы тараў бойынша нызам ҳүжжетлери,  сондай-ақ, мийнет нызамшылығы,  шәртнамалық-ҳуқықый база ҳәм басқа да зәрүр норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў жумыслары алып барылды.         

Соның менен бир қатарда,  Орай тәрепинен тастыйықланған реже тийкарында юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым болған мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерге барыў арқалы «Е-huquqshunos» электрон системасы менен ислесиў,  физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў,  сондай-ақ, буйрық,  бийлик, шәртнама ҳәм юридикалық түстеги ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў менен байланыслы ҳуқықый түрдеги хызметлер көрсетилип келинбекте.

Орай тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен тараў бойынша алып барылып атырған жумыслары барысы ўәкиллик шеңберинде белгиленген мүддетлерде мониторинг жумысларын алып барыў режелестирилген.

Орайға өткен дәўирде райондағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектеби хызметкери М.И. Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен белгиленген тәртипте мектептиң жаслар жетекшиси лаўазымы ушын сәўбеттен унамлы өткенлигине қарамастан усы күнге шекем мектеп директоры тәрепинен усы лаўазым­ға тайынламастан таңлаўдан өтпеген Д.Е.ниң ислеўине жол қойып келгенлигинен наразы болып жоллаған мүрәжаты үйренилип,  пуқараның мүрәжаты қанаатландырылды, нәтийжеси бойынша пуқара М.И. тийисли лаўазымға өткерилиўи тәмийинленди.

Орай трепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-июнь күнги «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге юридикалық хызмет көрсетиў жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларына муўапық, юридикалық хызмет көрсетилиўи лазым болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге сыпатлы ҳәм нәтийжели юридикалық хызмет көрсетилиўи, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаў тараўында әҳмийетли жумыслар әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

И.АЛЕУАТДИНОВ,

Кегейли районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF